Нөкис ҳәм Кегейли районларындағы оқыў орынлары, мәкеме ҳәм кәрхана басшыларының қатнасыўында мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниң алдын алыўға бағышланған семинар-тренинг болып өтти. Бул ҳаққында Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Семинар-тренингке Халықаралық мийнет шөлкеминиң эксперти Жизель Миттон, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары бирлеспесинен тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Тренинг қатнасыўшыларына «Мәжбүрий мийнет мәселесинде миллий ўазыйпалар», «Пуқараларды мәўсимлик жумысларға жаллаў ҳәм мәжбүрий мийнет қәўпи» ҳәм «Мәжбүрий мийнет ақыбетиниң алдын алыў ҳәм сапластырыў усыллары» атамаларында Жизель Миттон ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары бирлеспесиниң тренери Г.Ильмурадовалар шығып сөйледи. Буннан соң темаға байланыслы видеороликлер қойып берилип, жыйналғанлар менен пикир алмасыўлар даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги