USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ РОССИЯ ФЕДЕРАЦИЯСЫ ҚОРҒАНЫЎ МИНИСТРИН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-май күни елимизде рәсмий сапар менен болып турған Россия Федерациясының қорғаныў министри Сергей Шойгуды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар избе-из беккемленип, сондай-ақ, әмелий бирге ислесиў тәреплерди қызықтырған барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Еллеримиз ведомстволары, аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасында байланыс ҳәм алмасыўлар жеделлескени, экономиканың түрли тармақларында ҳәм социаллық тараўда перспективалы кооперациялық бағдарламалар менен жойбарлар биргеликте әмелге асырылып, мәдений-гуманитарлық бағдарларда нәтийжели бирге ислесип атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди, соның ишинде, ведомсвтолараралық шерикликти буннан былай да кеңейтиў, еки тәреплеме илажлар өткериў, әскерий кадрлар таярлаў ҳәм басқа да мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе баслы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Қорғаныў министри мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди және Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан Қураллы Күшлерин модернизациялаў ҳәм елимиздиң қорғаныў потенциалын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар және Өзбекстанның регионаллық қәўипсизликти, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге байланыслы басламаларын жоқары баҳалады.

Россия еллеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығына хызмет ететуғын еки тәреплеме кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА