Районлық медицина бирлеспесиниң патронаж мийирбийкелерине халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў, кеселликлерди ўақтында анықлаў ҳәм оларға тез медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде 50 дана патронаж сумкалары берилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Бул сумкада 8 түрдеги медициналық әсбап-үскенелер жәмленген. Тонометр, фонендоскоп, дем алыўды өлшеў аппараты, градусник, шпатель, жаңа туўылған баланы өлшеў тәрезиси, ҳәмиледарлығын белгилеўши әсбап, ҳәмиледар ҳаялдың баласының жүрек урыўын еситиў әсбабы, баланың бойын өлшеў ушын арнаўлы метровкалар бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги