Елимизде аўыл хожылығы жылының дәслепки өними – пиле жетистириў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Бунда Елликқала районы пиллекешлери республикамызда жетекшилик етпекте.

Район ҳәкимлиги рәсмий веб-сайтының мағлыўматына қарағанда, быйылғы жылы Елликқала районы 111,4 тонна пиле жетистириў бойынша контрактациялық шәртнама дүзген болып, 2041 қуты наўқан қурты 1701 шаңараққа тарқатылған ҳәм бағылмақта.

«Әмирабад» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын Атанияз Мәтниязов 53 жылдан берли наўқан қуртын бағып, режени артығы менен орынлап келмекте. Быйылғы жылы да республикамызда бириншилерден болып пиле өнимин жетистириўге еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги