Төрткүл районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине қаланың Нөкис көшесиндеги 31-жайда жасайтуғын пуқара Эргаш Козубаев жазба түрде мүрәжат етти. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Арзада көрсетилиўинше, оның үйинде 3-4 жылдан берли тәбийғый газ жоқлығы себепли үйге тәбийғый газ жеткерип берип тоқтатып қойылған. Бирақ, тәбийғый газ тармағынан ажыратпастан алдын барлық есапласыўларды толық әмелге асырған тутыныўшының үйине 2018-жылдың 11-май күни районлық газ кәрханасы хызметкерлери тәрепинен 257 590 сум қарыздарлығы бар екенлиги айтылған.

Бул мүрәжат районлық жәмийет тәрепинен үйренип шығылды ҳәм тутыныўшының үйинде тәбийғый газден ҳеш қандай қарыздарлығы жоқ екенлиги анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги