Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы Xarid.uz интернет мәнзилинде рәсмий түрде иске қосылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Буннан былай порталда мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша барлық дағазалар ҳәм олардың нәтийжелери орналастырылады және мәмлекетлик сатып алыўлар электрон дүкан ҳәм басланғыш баҳаны төменлетиўге қаратылған электрон аукцион формаларында өткериледи. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын ҳәм әшкаралығын тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызамына муўапық, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында ўәкилликли орган – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы агентлиги «Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасы» АЖны мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталының операторы сыпатында белгиледи.

Электрон мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша барлық келисимлер электрон санлы имза (ЭСИ) арқалы дүзиледи. Сондай-ақ, «XARID» электрон системасына биржаның Есаплаў клиринг палатасына (ЕКП) гиреў қаржыларын киргизиў арқалы келисимлердиң орынланыўын кепилликке алыў әмелияты киргизилген.

Биржада электрон мәмлекетлик сатып алыўлары бойынша (+998 71) 213-33-30 ямаса 11-62 телефон номерлери бойынша Call-орай хызмети жумыс алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги