Мүбәрек Рамазан айы  мүнәсибети менен «АвтотестНукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қайырқомлық акциясы өткерилди.

Атап айтқанда, Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйине, Хожели «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйине, Тақыятас урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаториясына, Қарақалпақстан Республикасы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына  майыплар арбашасы тапсырылды.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-майдағы «Мүбәрек рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде бул акция пүткил елимиз бойлап өткерилди,-дейди «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының орынбасары Камал Омаров.-Соның ишинде бизиң республикамыздан еки арнаўлы интернат үйлерине, санатория ҳәм реабилитация орайына бес дана майыплар арбашасы берилди.

Еслетип өтемиз, «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 4-сентябрьдеги «Инновацион оқытыў методикаларын енгизиў жолы менен айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ олардың қәнигелегин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өз жумысын баслаған еди. Жол ҳәрекети қәўипсизлигин, пуқаралардың өмири ҳәм саламатлығын тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, оқыў процесине инновациялық усылларды енгизиў мақсетинде ашылған бул оқыў орнын бүгинги күнге юридикалық шахсларға тийисли автотранспорт қуралларын басқаратуғын 4 мыңнан зыят айдаўшы өзлериниң қәнигелигин арттырып, арнаўлы сертификатқа ийе болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.