Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2018-2019-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясына қабыл етиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Қарар тийкарында белгилениўинше, 2018-2019-оқыў жылында Академияда магистрларды «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелеги бойынша таярлаўға 60 адам қабыл етиледи. Соның ишинде, мәмлекетлик грант тийкарында 24 адам ҳәм төлемли-шәртнама тийкарында 36 адам қабылланады.

Академияда басқарыў кадрларын «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша қайта таярлаў курсларына жәми 120 адам қабыл етиледи. Атап айтқанда, мәмлекетлик грант тийкарында 48 адам ҳәм төлемли-шәртнама тийкарында 72 адам қабылланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги