Айрым жағдайларда, финанслық қыйыншылық, итибарсызлық, атаананың ҳүжжетлериниң (паспорт, неке гүўалығы) болмаўы ҳәм басқа да себеплер менен туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық өз ўақтында алынбайды. Бундай жағдай келешекте бала ушын пенсия алыўда, пуқаралықты белгилеўде, оны бақшаға, мектепке бериўде машқалалар, әўерегершиликлерди келтирип шығарады, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

 

Хош, бундай жағдайда не ислеў керек?

 

1-жағдай. Бала туўыў үйинде туўылған болса.

Бунда ата-ана жасап атырған ямаса бала туўылған жердеги ПҲАЖ органына төмендеги ҳүжжетлерди қосымша етип, арза менен мүрәжат етиў керек:

– ата-ананың паспорты;

– баланың туўылғанлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама (бул мағлыўматнама соралған күни туўыў үйи тәрепинен бериледи);

– баланың денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматнама (поликлиникадан алынады);

– баланың оқып атырғаны ҳаққындағы мағлыўматнама (егер ол оқып атырған болса);

– бала туўылған жердеги ПҲАЖ архивинен усы балаға туўылғанлық ҳаққындағы акт жазыўы дизимге алынбағаны ҳаққындағы мағлыўматнама.

 

2-жағдай. Бала үйде туўылған болса.

Бунда ата-ана жасап атырған ямаса бала туўылған жердеги ПҲАЖ органына төмендеги ҳүжжетлерди қосымша етип, арза менен мүрәжат етиў керек:

– ата-ананың паспорты;

– баланың усы анадан туўылғанына гүўа болғанлар қатнасыўында дүзилген ҳәм участка шыпакери (фельдшер ямаса акушер) тастыйықлаған акт (акт бала туўылған күни рәсмийлестирилген болыўы шәрт);

– акт тийкарында участка шыпакери (фельдшер ямаса акушер) тәрепинен берилген мағлыўматнама;

– баланың денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматнама (поликлиникадан алынады);

– баланың оқып атырғаны ҳаққындағы мағлыўматнама (егер ол оқып атырған болса);

– бала туўылған жердеги ПҲАЖ архивинен усы балаға туўылғанлық ҳаққындағы акт жазыўы дизимге алынбағаны ҳаққындағы мағлыўматнама.

Егер баланың усы анадан туўылғанына гүўа болғанлар қатнасыўында дүзилген ҳәм участка шыпакери (фельдшер ямаса акушер) тастыйықлаған акт дүзилмеген болса, бундай жағдайларда баланың усы анадан туўылғанлық факти пуқаралық ислер бойынша суд тәрепинен белгиленеди.

Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық барлық ҳүжжетлер толық усынылған күни бериледи. Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық берилгени ушын 25 830 сум муғдарында төлем алынады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги