Өзбекстанда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалардың өмири ҳәм саламатлығын қорғаўды шөлкемлестириў ҳаққындағы реже қабыл етилди, деп жазады Norma басылымы.

Онда жақын ағайын-туўысқанларының шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжетти көрсеткенинен соң баланы бақшадан алып кетиўге руқсат беретуғын алдынғы қағыйда жоқ. Баланы тек ғана ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахслар (қайырқомлар) алып кетиўи бойынша қағыйда қалдырылды.

Ата-аналар кешки ўақытта баланы алып кетпегенде тәрбияшы оны үйине шекем алып барып қойыўға мәжбүр емес ҳәм енди булай ислей алмайды. Бала бақшада қалады.

Сондай-ақ, енди ҳәр күни азанда тәрбияшылар мийирбийке қадағалаўы астында балалардың медициналық жағдайын тексериўден өткериўге мәжбүр болады.

Балалар бақшасынан сырттағы барлық сейиллер ҳәм экскурсиялар ишки ислер органлары менен келисилген ҳалда әмелге асырылады. Бул ҳаққында ата-аналар да хабардар етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги