Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында көп қырлы шерикликтиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Өз-ара саўда көлеми турақлы пәтлерде артып, номенклатурасы кеңейип атырғаны, бул усы жылдың өзинде-ақ өз-ара товар алмасыў көрсеткишин 3 миллиард долларға, жақын жылларда болса 5 миллиард долларға жеткериў имканиятын беретуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еллеримиздиң экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўинде бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған аймақлараралық байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер санаат, энергетика, транспорт тараўларында ҳәм экономиканың басқа да тармақларында перспективалы қоспа жойбарларды әмелге асырыўдан бирдей мәпдар екени атап өтилди.

Мәмлекет басшылары Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның нәтийжели жумысын, сондай-ақ, Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде биргеликте табыслы әмелге асырылып атырған илажларды жоқары баҳалады.

 

Сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық  бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўдиң жуўмағында Президентлер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы  дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, туўысқан еллеримиздиң ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылысы исенимли екенлигин атап өтти.

ӨзА