Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-май күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўдиң басында мәмлекетимиз басшысы Владимир Путинди Россия Федерациясы Президенти лаўазымына кирискени менен және бир мәрте шын жүректен қутылықлады ҳәм жумысларында үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан ҳәм Россия арасында дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланып ҳәм избе-из беккемленип атырғаны, сондай-ақ, өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы биргеликте ерисилген жоқары нәтийжелер терең қанаатланыўышылық пенен айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында мәмлекет басшылары Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапарына таярлық шеңбериндеги әҳмийетли мәселелерди додалады.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында, соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның жумысы шеңберинде бурын ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Россияның жетекши компанияларының ҳәм банклериниң қатнасыўында энергетика комплекси, металлургия, машина қурылысы, электротехника санааты ҳәм басқа да жоқары технологиялық тармақларда перспективалы жойбарларды таярлаў мәселелерине итибар қаратылды.

Аймақлар дәрежесинде жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў және усы жылдың гүзинде Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Россияның биринши аймақлараралық форумын өткериў бойынша келисип алынды.

Туризм ҳәм мәденият тараўларындағы алмасыўларды буннан былай да кеңейтиў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында өз-ара пайдалы бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелерин де додалады. Регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысты.

Сөйлесиўдиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Президентлери ҳәр қыйлы форматларда тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА