Быйыл республикамыз көлеминде 1-мәрте шөлкемлестирилиўине қарамастан, «Жас инновацияшы» таңлаўында колледж ҳәм академиялық лицей оқыўшыларының 305 жаңа инновациялық идея ҳәм перспективалы ойлап табыўлары ғалаба халық итибарына усынылды.

Өндирис, сервис, туризм, аўыл-хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған 18 ең жақсы инновациялық идеялар келешекте үлкен жойбарларға тийкар салыўы менен бирге идеяны ойлап тапқан колледж оқыўшысына бир жыл даўамында стипендиат болыў имканиятын жаратып береди.

Бүгин Нөкис қалалық республика мәлимлеме-ресурс орайының «Балалар китапханасы»нда усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. ӨзЛиДеП Сиясий Кеңесиниң Атқарыў комитети ағзасы Тоир Салимов басшылығындағы төрешилер қурамы 44 жаңа идея ҳәм инновациялық жойбарлар ишинен үшеўин жеңимпазлыққа ылайық деп тапты. Солай етип, Нөкис компьютер кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Николай Чекмарёв, Нөкис туризм ҳәм сервис кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Дильфуза Караматдинова, Нөкис социал-экономикалық кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Азиза Сабырбаевалар финаллық басқышқа жоллама алды.

Буннан тысқары ең жас, ең нәтийжели, киши бизнес ушын ең перспективалы, сондай-ақ, ең жақсы инновациялық идея ҳәм исленбе авторлары диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов қатнасты.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.