Президентимиздиң биз жеке исбилерменлерге кеӊ қамтыўлы  имканиятлар жаратып атырғанынан үнемли  пайдаланған ҳалда пайтахтымыздағы “Давлатназар оромгохи” ЖШЖ мийнет жәмәәти  Миллий банк тәрепинен берилген жеңилликли кредит тийкарында Қытай Халық Республикасынан ойын қурылмаларын алып келип, 1 млн. 200 мыӊ АКШ доллары муғдарындағы ойын қурылмаларын алып келип, қаламызда жайласқан «Әмир Темур» мәденият ҳәм дем алыў орайына орнатпақта.  Бул дем алыў орайын ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллық қутлы байрамы күнине толық иске түсириў режелестирилген. Жумыслар толық әмелге асырылғаннан соӊ бул жерде 30 дан аслам жаслардыӊ жумыс пенен тәмийинлениўи күтилмекте.

Дем алыў орайына келиўши жаслар хәм дем алыўшылардыӊ мәдений жақтан  дем алыўы ушын 60 тан артық орынлықлар орнатылған хәм 1500 түп терек нәлин егип, келеси, яғный, 2018-жылдың 1-июнь сәнесине шекем музыкалы фонтан  орнатыў режелестирилген.

– Бул жердеги  абаданластырыў жумысларына Нөкис қалалық Абаданластырыў басқармасы жәмәәти жақыннан жәрдем берип келмекте.  Олардың жәрдеминде  дем алыў орайын оғада көркем ҳәм сулыў, қолайлы орайға айландырыўды мақсет еткенбиз, – дейди “Давлатназар оромгоҳи” ЖШЖде ис жүргизиўшиси Ҳаёт Ҳаётов.

Елимизде әмелге асырылып атырған мине, усындай қурылыс хәм абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсетип атырған пидайы инсанлардың бундай ис-ҳәрекетлери, әлбетте, мәмлекетимиздиӊ айдын келешегине беккем тийкар жарататуғынына исенемиз.

Улуғбек КАЗАКОВ,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти