Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 19-20-май күнлери Әндижан ўәлаятында болды.

Президентимиз 2017-жыл 2-3-июнь күнлери ўәлаятқа сапары ўақтында социаллық-экономикалық раўажланыў процеси менен танысып, бир қатар перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берген еди. Өткен ўақыт ишинде, әне, усы бағдарда салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Өткен жылғы сапарынан соң ислеп шығылған 2017-2018-жылларға мөлшерленген бағдарламаға муўапық, ўәлаятта 2017-жылы улыўма нырқы 1,5 триллион сум болған 3 мыңнан аслам жойбар әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде экономикалық-социаллық тараўларда сезилерли өсимге ерисилди. Әҳмийетлиси, адамлардың ертеңги күнге исеними беккемленип, жақсы жасаўға умтылыўы ҳәм ықласы артты. Бул елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетли нәтийжеси болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысының Әндижанға гезектеги сапары даўамында бурынғы сапар етиў тийкарында берилген тапсырмалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, ўәлаятты буннан былай да раўажландырыўға қаратылған ири жойбарлардың орынланыў барысы, халықтың талап-зәрүрлиги менен тиккелей танысыў ҳәм бул бағдардағы алдағы режелерди белгилеў дыққат орайында болды.

Президентимиз өткен жылы Әндижан районы Хакан аўылында «Milana teхtilе» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасын дүзиў жойбары менен танысқан еди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 23-февральдағы «Исбилерменлердиң өндирис майданларынан пайдаланыўын буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 9 миллиард сум инвестиция киргизиў, 200 жаңа жумыс орнын жаратыў шәрти менен кәрханаға Хакан аўылында бир гектар жер майданы ҳәм пайдаланылмай турған имарат «ноль»лик баҳада берилди.

Кәрхана «Алоқабанк»тиң ўәлаятлық филиалынан алынған 2 миллиард сум кредит және 7 миллиард сум өз қаржысы есабынан үш қабатлы имарат қурып, заманға сай үскенеледи. Шет елден алып келинген тигиў үскенелери өндирис көлемин арттырыўға ҳәм өнимниң сапасын жақсылаўға хызмет етпекте.

Бул жерде ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын ислеп шығарылып атырған 20 дан аслам түрдеги трикотаж өнимлериниң тийкарғы бөлегин экспорт етиў режелестирилген. Ең әҳмийетлиси, фабрика иске түсирилиўи менен райондағы 200 ден аслам ҳаял-қыз турақлы жумыс орнына ийе болды.

Бул жерде «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасының Әндижан ўәлаяты мысалындағы концепциясы көрсетилди. Бул бағдарлама мийнет пенен бәнт болмаған халықты исбилерменлик, өнерментшилик, фермерлик, нағыс ойыўға үйретиў арқалы оларға дәрамат дәрегин жаратып бериўге қаратылған.

– Әндижанда халық тығыз жайласқан. Бир-еки завод бир процент халықты да жумыс пенен тәмийинлей алмайды. Бул жерде адамларды тек ғана исбилерменлик, өнерментшилик арқалы бағыў мүмкин. Үйлерге қаржы ҳәм зәрүр үскенелер берип, ис жүргизиўди үйретсек, адамлар өзин-өзи бағады. Шаңарағын азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм басқа да зәрүр өнимлер менен тәмийинлеўге қыйналмайды. Жумсаған ақшамыз бир жылдан кейин еки есе болып қайтады. Адамларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликке үйретиўдиң экономикалық механизми мине усындай болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Әндижан ўәлаятына өткен жылы сапары ўақтында дәри-дәрмақ ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў бойынша да тапсырмалар берген еди. Бул көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әндижан районындағы «Zamin Bio Health» жуўапкершилиги шекленген жәмийети инсулин дәри қуралын ислеп шығарыў кәрханасын қурды.

Районның Хартум аўылында жайласқан бул завод Орайлық Азияда бирден-бир болып, жылына 10 миллион флакон дәри қуралын ислеп шығарыў қуўатлығына ийе.

Усы ўақытқа шекем инсулин елимизге сырттан алып келинген. Заводтың иске түсирилиўи менен бул дәри қуралының импорт көлеми азаяды, валюта үнемленеди, қала берди, баҳа арзанлайды. Мәселен, ҳәзирги ўақытта бир флакон инсулинниң базар баҳасы 36 мың сум болса, бул кәрхана усы дәрини 20 мың сумнан жеткерип бериўи мүмкин.

Жойбар баҳасы дерлик 28 миллиард сум болған заводқа Германия, Франция, Швейцария, Қытай, Ҳиндстаннан заманагөй үскенелер менен технологиялар алып келинип орнатылды.

– Бул оғада зәрүр социаллық әҳмийетке ийе жойбар, – деди Шавкат Мирзиёев заводтың жуўапкер адамлары менен пикирлескенде. – Инсулинге зәрүрлиги бар наўқас дәри табылмаса, өмири қәўип астында қалады, илажын көрмеген, деп бизден наразы болады.

Президентимиз жергиликли өндирисшилер базарға кирип, бәсекиге шыдамлы болғанша оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, дәри субстанцияларын  дизимнен өткериўге көмеклесиў бойынша тапсырмалар берди.

Бул жерде «Zamin Bio Health» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде унтақ антибиотик ислеп шығарыў, ўәлаятта фармацевтика санаатын раўажландырыўға байланыслы басқа да жойбарлар менен таныстырыў мәресими болып өтти.

19-май күни Әндижан районындағы «Andijan Silk.Co» Өзбекстан – Қытай қоспа кәрханасы пиллени қайта ислеп, оннан таяр өним ислеп шығарыў бойынша ири комплексти иске түсирди. Президентимиз кәрхананың жумысына старт беретуғын символикалық түймени басты. Бул жерде әмелге асырылған жумысларды көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 29-марттағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы тәрепинен бүгинги күнде тармақты жедел раўажландырыўға, тараўға инновациялық технологияларды тартыўға, наўқан қуртын жаңаша усылда бағыўға, шет еллердиң алдынғы тәжирийбесин үйрениў арқалы пиллениң сапасын ҳәм муғдарын арттырыўға, ҳаялларды ҳәм жасларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

«Andijan Silk.Co» қоспа кәрханасының қурылыс жумысларына 5 миллиард сум қаржы жумсалды. Пиллени қайта ислеўди шөлкемлестириў ушын 2 миллион 100 мың доллар есабынан Қытайда ислеп шығарылған жип ийириў ҳәм тигиў машиналары алып келинип орнатылды. Нәтийжеде 150 адам турақлы жумыс орнына ийе болды.

Усы жылдың ақырына шекем жумысшылардың саны 300 ге жеткериледи.

Кәрхана толық қуўатлылықта ислеп баслағанан соң, жылына 300 тонна пилле қайта исленеди. 2018-жылдың өзинде 5,1 миллион долларлық таяр өнимди экспорт етиў имканияты жаратылады.

-Бүгин дүньяда сапалы жипек гезлемелерине талап үлкен. Оннан жылына үш мәрте дәрамат алса болады. Демек, пиллешиликти раўажландырыў, көбирек жапырақ беретуғын тут плантацияларын көбейтиў керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жерде трикотаж, былғары-аяқ кийим, қурылыс маиериаллары, ийирилген жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбарларды таныстырыў болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаятына өткен жылғы сапары даўамында Асака районында заманагөй ыссыхана қурыў жойбары менен танысқан еди. «Асака» банкиниң районлық филиалынан жойбар ушын 1,5 миллион доллар қаржы ажыратылып, «Сабо ҳамкор» ЖШЖ тәрепинен 5,8 гектар жерде гидропоника усылында банан ҳәм помидор жетистирилетуғын 2 ыссыхана қурылды. Түркияның «Asya Modern Serashilik» компаниясы менен дүзилген шәртнамаға тийкарланып усы қаржы есабынан шет елден ыссыхана үскенелери алып келинди.

«Сабо ҳамкор» ЖШЖ тәрепинен бул жерге қосымша 500 мың доллар қаржы жумсалып, улыўма нырқы 2 миллион долларлық жойбар усы жыл март айында толық иске түсирилди.

25 мың түп помидор нәли егилген 1 гектарлық ыссыханада быйылғы жылы 300 тоннаға шекем өним алыў ҳәм қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў мөлшерленбекте. 2 гектарда шөлкемлестирилген ыссыханада тәжирийбе түринде 5 мың түп банан нәли тәрбияланбақта. Бананнан биринши мәўсимде  250-300 тонна өним алыў күтилмекте.

Президентимиз банан жетистирилип атырған ыссыхананы көзден өткерди. Оны кеңейтиў, өнимди қайта ислеў ҳәм сақлаў шараятын жаратыў, өнимдарлықты арттырыў бойынша усыныслар берди.

Мәмлекетимиз басшысына ыссыханалардың компьютер арқалы басқарылатуғын суўытқыш ҳәм қолайлы ықлым жарататуғын система ҳаққында да мағлыўмат берилди. Заманагөй технология тийкарында ыссыханаларға өз ўақтында керекли температура, минерал төгин ҳәм ығаллылық бериледи.

Түркиялы бирге ислесиўшилер нәл тәрбиялаўдан баслап өним жетистириўге шекемги процессти қадағалап барыў ушын агрономлар тартылған. Соның есабынан 2-3 айда жетилисетуғын помидор өнимин 1-1,5 айда алыў, еки жылда үш мәрте банан жетистириў мүмкин болады.

Шавкат Мирзиёев аз жумыс күшин жумсап жоқары өним алыў имканиятын беретуғын бундай ыссыханаларды көбейтиў кереклигин атап өтти.

-Елимизге импорт етилетуғын банан писпей турып үзиледи. Бундай мийўеде витамин ҳәм азықлық затлар аз болатуғыны тәбийғый. Елимизде бундай тропикалық мийўелерди жетистириў ҳәр тәреплеме пайдалы болады. қала берди, валюта үнемленеди,-деди Президентимиз.

Усы жерде 2018-2019-жыллары Әндижан ўәлаятында аграр тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар менен жойбарларды таныстырыў өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысына Әндижан ўәлаятында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Быйылғы жылы усы бағдардағы 40 жойбардың орынланыўы нәтийжесинде 32 мың тоннадан зыят сүт, 400 тоннадан артық гөш жетистириледи. Тармақта жәми 649 жумыс орны жаратылады.

Өткен жылы ўәлаятқа сапары даўамында Президентимиз Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтының Әндижан ўәлаятын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берген еди. Ҳәзирги күнде филиалда 9 илимий хызметкер жумыс ислемекте. Ўәлаятта мәмлекетлик тоғай хожалығын раўажландырыў бойынша бир қатар перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта. Егер 2016-жылы тоғай хожалығы жерлеринде тек ғана 8 гектарда аўыл хожалығы өнимлери жетистирилген болса, режеге бола быйылғы ҳәм келеси жылда бул көрсеткиш 830 гектарға жеткериледи. Тақыр ҳәм таў алды аймақларында писте, ғоза, горох, ловия жетистирилип, көплеген турақлы және мәўсимлик жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы филиалда инновацияларды раўажландырыў бойынша фонд дүзиў, ўәлаятта шафран ҳәм шиповник сыяқлы дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша экономикалық зона шөлкемлестириў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

– Тоғай хожалығында инновация ислемесек, дәрамат алыў қыйын,-деди Шавкат Мирзиёев.-Соның ушын Әндижан ўәлаяты тоғай хожалығында инновацияларды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша 3 жылға мөлшерленген арнаўлы қарар қабыл етиў мақсетке муўапық болып табылады.

Быйылғы жылы 11 райондағы 300 гектар жерде жаңа ҳәўизлер қурылып, балық жетистириў көлеми 450 тоннаға арттырылады. Буннан тысқары, қыйтақ жерлерде ҳәм 1050 гектар салы майданында Қытай ҳәм Въетнам технологиялары тийкарында балық жетистириў жолға қойылады.

Президентимиз балықшылық, қусшылық есабынан халықтың гөшке болған талабын тәмийинлеў кереклигин атап өтти. Соған муўапық, тармақта өнимдарлықты кеминде 12-15 мың тоннаға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Ўәлаятта мийўе-овощ экспортын арттырыў, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў, тоқымашылық кластерин шөлкемлестириў, жип ийириў ҳәм тоқыў өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар да додаланды. Бундай илажлар қосымша жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәрамат дәрегин және де арттырыўда әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.

Президентимиз Улуғнор районындағы «Шахриобод» мәкан пуқаралар жыйынында болып, ол жерде «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен танысты, халық пенен пикирлести.

Бүгин Шахриобод мәҳәллеси пүткиллей жаңа көриниске енген. 3 мыңнан аслам халық жасайтуғын аўылдағы 22 көп қабатлы жайдың төбелери жаңаланып, әтирапында қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. 7,3 мың квадрат метр майданға брусчатка қойылды, жақтыландырыў шырақлары, орынлықлар, 1 мың 570 метр аралыққа лотоклар орнатылды. Жайлардың жанында тандырханалар қурылды. Буннан тысқары, мәҳәлле мәкемеси, тойхана, монша, мини-маркетлер қурылды.

Мәҳәлле аймағында жайласқан районлық «Бәркамал әўлад» орайы, 20-санлы улыўма билим бериў мектеби, 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси капитал оңланды.

Мәмлекетимиз басшысы ақсақаллар менен сәўбетлесиўде елимизде кең көлемде басланған аўылларды абаданластырыў бағдарламасы адамлардың турмысына жаңа мазмун алып кирип атырғаны, оннан адамлардың кеўли толып-тасып, ертеңги күнге

исеними артып атырғанын атап өтти.

– Мүбәрек Рамазан айы күнлеринде Әндижан ўәлаятына барып, исбилерменлер ҳәм халық пенен ушырасып,  ўәлаяттың келешеги ушын үлкен ири режелер ислеп атырғанымыздың тийкарында терең мәни бар, – деди Шавкат Мирзиёев. – Усы уллы күнлерде әмелге асырып атырған жумысларымыз әндижанлыларға ҳәм пүткил халқымызға қут-берекет алып келсин, абат аўылларымыз көбейсин.

Сол күни Улуғнор районы ҳәкимлигинде ўәлаят белсендилери ҳәм жуўапкер басшылардың қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Видеоселектор тәризинде өткен мәжилисте экономика тармақларын раўажландырыўдың, қосымша дәреклер табыўдың есабынан жумыс орынларын шөлкемлестириў, билимлендириў, медицина тараўларын жетилистириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас сәркардасы Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятына сапарының екинши күнинде Шығыс әскерий округке қараслы бөлимде болып, жаңа Қорғаныў доктринасының орынланыў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен де танысты.

Әскерий бөлимлерде бир қатар структуралық-шөлкемлестириўшилик өзгерислер әмелге асырылды – азық-аўқат тәмийнаты бойынша аутсорсинг системасы енгизилди, оқыў имаратлары, жатақханалар, спорт залы ҳәм майданлары заманға сай оңланбақта. Бул әскерий хызметкерлердиң пүткил күш-жигерин профессионал маманлығын ҳәм жаўынгерлик таярлығын арттырыўға қаратыў имканиятын бермекте.

Мәмлекетимиз басшысы әскерий хызметкерлердиң спорт шынығыўларына қатнасыў процеси менен қызықсынды.

– Әскерлеримиз физикалық ҳәм руўхый жақтан күшли, Әмир Темур, Жалаладдин Мангуберди сыяқлы уллы сәркардаларымызға мүнәсип болыўы керек, – деди Президентимиз. – Бул ушын олар физикалық шынығыўлар менен бирге, ҳәр күни китап оқыўы, тил үйрениўи, дүнья таныўын кеңейтиўи зәрүр. Әскерий бөлим хызметкерлериниң руўхый дүньясын байытыў ушын дем алыс күнлери бул жерде илимпазлар ҳәм көркем өнер шеберлери менен ушырасыўлар өткериледи, сахналық дөретпелер көрсетиледи.

Шавкат Мирзиёев әскерлер, зыялылар менен сәўбетлести. Ушырасыўда жеке қурамның моральлық-руўхый таярлығына жеткиликли итибар қаратыў, бул ушын зыялылар, руўхый үгит-нәсиятшылар менен бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Әскерлердиң жасаў шараятын жақсылаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын жеделлестириў, орынларда хызмет етип атырған әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз ўәлаятқа сапары даўамында Әндижан қаласында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, турақ жайға зәрүрлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен қызықсынды.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа өткен жылғы сапары шеңберинде Әндижан қаласының «Өзбегим» мәкан пуқаралар жыйынында қурылып атырған 7 қабатлы 5 жай менен танысып, бул жерди заманагөй массивке айландырыў бойынша усыныслар берген еди.

Бурынғы консерва заводының орны болған бул жерлер қараўсыз орынлар еди. Президентимиздиң тапсырмасынан соң бул жерде 5 жай қурылып, 2017-жылдың декабрь айында өз ийелерине тапсырылды. Жайлар менен бирге аймаққа көрик қосып турған заманагөй инфраструктура қурылды, әтирапқа отырғышлар орнатылып, балалар майданшалары, мини-маркет, дүкан, нанбайхана, автомобиль турыў орны қурылды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында аймақта және 9, қала бойынша жәми 14 көп қабатлы жай қурылмақта. Турақ жайларды быйыл сентябрь айында өз ийелерине тапсырыў нәзерде тутылған.

Мәҳәллениң арқа бөлегиндеги ҳәўлилердиң орнына да көп қабатлы жайлар, 1000 орынлық мектеп, 280 орынлық бақша, мийманхана, турмыслық хызмет көрсетиў шақапшаларын қурыў режелестирилген.

Президентимиз Әндижанда халықты турақ жай менен тәмийинлеў зәрүр екенин есапқа алып, усы жылдың өзинде қосымша және 7 қабатлы жай қурыў бойынша тапсырма берди.

– Усы тәризде быйыл Әндижан қаласында 19, жақын жылларда жәми 50 көп қабатлы жай қурылады. Жаңа үйлер Әндижанда турақ жайға зәрүрликти тәмийинлеў имканиятын береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде Әндижан қаласының 2035-жылға шекем мөлшерленген Бас режеси ҳәм қалада әмелге асырылатуғын басқа да социаллық инфраструктуралық объектлерди қурыў-реконструкциялаў жойбарлары менен таныстырыў өткерилди.

Бүгинги күнде Әндижан қаласында 422 мың халық 15 мың гектар жерде жасамақта. Президентимиздиң өткен жылғы тапсырмасы тийкарында «ЎзшаҳарсозликЛИТИ» МУК тәрепинен қаланың жаңа бас режесиниң жойбары ислеп шығылып, онда Әндижан районы ҳәм шамалы Алтынкөл районының аймағынан 6 мың 300 гектар майданды Әндижан  қаласына қосыў нәзерде тутылған.

Президентимиз Бас режеде нәзерде тутылған мақсетлерге итибар қаратты. Әндижан қаласындағы Девонабой мешитин және Ю.Отабеков көшесин ири оңлаў жойбарлары бойынша өз пикир-усынысларын берди. Усы көшеден ағып өтетуғын каналдың бойы абаданластырылып, әтирапында адамлар дем алатуғын сейил етиў орынлары жаратылмақта. Ҳәзирги күнге шекем каналдың  500 метр бөлегинде жумыслар орынланған, Ғәрезсизлик байрамына шекем 3,5 километрлик бөлеги толық абат етиледи.

Шавкат Мирзиёев барлық жойбарларды орынлаўда сапаға ҳәм мүддетке итибар қаратыў, узақ келешекти есапқа алыў кереклигин атап өтти.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары