Тақыятас районы ҳәкимлиги, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң «Тақыятас хабарлары» газетасының биринши саны жарық көрди. Енди Республикамызда шығатуғын газеталардың саны 44 ке жетти.

-Мәлимлеме әсири деп аталған бүгинги дәўирде бул оқыўшыларымыз ушын әжайып саўға болды,-дейди газета редакторы Тилеўхан Шамекова.-Газетамыз А-3 форматында айына еки мәрте, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде шығады.

Газетаның дәслепки санында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2017-2019-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Тақыятас районын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыў барысы ҳәм алда турған ўазыйпаларға бағышланған район ҳәкими Фархат Алламбергеновтың «Тақыятас районы раўажланыў ҳәм алға илгерилеў жолында» мақаласы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер, мийнет нураныйы Қәллибек Камаловтың, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы Гүлистан Аннақлышеваның, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы. Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймовтың қутлықлаўлары орын алған. Сондай-ақ бул санда, Екинши жер жүзилик урыстың қатнасыўшысы Режеббай Қурбанмедов, Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген Қуран жарысының «Ҳифз» жөнелиси бойынша биринши орын ийеси, жарыстың абсолют жеңимпазы Жолдасбай Нуритдинов туўралы ҳәм басқа да бир қатар мақалалар берилген.

«Дем алыс» бетинде белгили сатирик жазыўшы Муратбай Нызановтың ««Жиңишкениң» бажбаны» темасындағы сатиралық гүрриңи берилген.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.