Пайтахтымызда «Истиқбол» жаслар қанаты тәрепинен «Жас сиясатшы-2018» таңлаўының қалалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илаждың ўазыйпасы-қәбилетли жасларды анықлаў, олардың  инновациялық-социаллық жойбарларын әмелге асырыўына көмеклесиў ҳәм «Истиқбол» жаслар қанаты жумысына тартыў болып табылады.

Таңлаў қатнасыўшылары социаллық жойбарларды инновациялық таныстырыў, сораў-жуўап, Президентимиздиң баянатларына шолыў сыяқлы үш басқыш бойынша өзлериниң билим және көнликпелерин көрсетти. Илаж жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Ығбалай Яўмытбаева биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды.

-Быйылғы жылы оныншы мәрте өткерилип атырған илаждың тийкарғы мақсети, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында, сондай-ақ, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 12-июльдеги Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң ўәкиллери менен видеоселектор мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жаслардың белсене қатнасын тәмийинлеўден ибарат,-дейди Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық кеңесиниң баслығы Нурлан Кышанов.- Соның менен бирге, олардың жәмийетлик-сиясий ҳәм ҳуқықый саўатын арттырыў болып табылады.

Қатнасыўшылар Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық кеңеси тәрепинен диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.