Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия институты жанындағы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў Орайынан келген бир топар қәнигелер усы жылдың 2-май күнинен берли Нөкис спорт колледжинде оқыў курсларын алып бармақта.

– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынлардағы социаллық-экономикалық реформалардың барысы, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын еле де арттырыўға қаратылған жаратыўшылық ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен ушырасыў мақсетинде Қарақалпақстанда болғанында спорт объектлери ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерип Қарақалпақстан Республикасында Дене тәрбия ҳәм спорт қәнигелериниң тәжирийбе арттырыўы бойынша көшпели курсларды шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берген еди,-дейди Орай қәнигеси Ботир Тўлаганов.

Усы тапсырманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жылда Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпия ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы, 3-июньдағы «Дене тәрбия ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Қарарларында көрсетилген талапларды орынлаў мақсетинде режеге муўапық гандбол ҳәм стол тенниси бойынша еки топар шөлкемлестирилип, қала ҳәм районларда жумыс ислейтуғын 51 тренер-оқытыўшы тәжирийбе арттырыў бойынша оқыў курсларына қабыл етилди.

Оқыў сабақларында оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳәм спорт түрлери бойынша федерацияларының илимий дәрежеге ийе профессор-оқытыўшылары тәрепинен тастыйықланған оқыў режеси тийкарында теориялық ҳәм әмелий сабақлар алып барылмақта. Бул сабақлар интерактив түрде слайдлардан, заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте.

– Нөкис қаласында көшпели оқыў курсларының шөлкемлестирилип, тәжирийбе арттырыў сабақларының әмелге асырылып атырғаны бизлер ушын үлкен жеңиллик болды. Ташкент қаласына бармай-ақ, үйден қатнап сабақларға қатнасып атырмыз. Бул ушын Президентимизге рахмет,-дейди Хожелидеги Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тренер-оқытыўшысы Айдана Дилимбетова.

Усы жылдың 24-май күни жуўмақлаўшы жақлаўдан өткен тренер-оқытыўшыларға курс жуўмағы бойынша сертификатлар тапсырылады.

Ә.Жиемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(Сүўретлерде; Оқыў барысынан көринислер.

Р.Арзиевтың түсирген сүўретлери).