Кегейли районы  мәденият сарайында  Қарақалпақстанға мийнети синген журналист, «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы, Өзбекстан  Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы  Кеңесбай Реймовтың  жаңа китапларының  көргизбеси ҳәм 60 жыллығы  мүнәсибети менен шөлкемлестирилген  әдебий кеше  болып өтти.

Кешеде  Кеңесбай Реймовтың  жаңа қосықлары ҳәм жаңа китапларын таныстырыў өткерилип, оның дөретиўшилик ҳәм шөлкемлестириўшилик мийнет жолы ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Әдебий кешеге Кеңесбай Каримов, Гулистан Матякупова, Шарафатдин Аяпов  ҳәм басқа да қарақалпақ әдебиятиниң белгили ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға  жуўап алды.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

Журналистика қәнигелигиниң 2-басқыш студенти