Ҳуқықыйнормативлик ҳүжжетлер додаланатуғын порталда «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланбақта, нызам усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўы ҳәм мәмлекетлик хызмет механизмин жетилистириўи керек, деп жазады Kun.uz сайты.

Нызам жойбарының статьяларының бири (25), барлық мәмлекетлик хызметкерлерге (техникалық топар хызметкерлери категориясындағылар буған кирмейди) ҳәр жылы мүлклери ҳаққында декларация, дәраматлары ҳәм көп муғдардағы қәрежетлери ҳаққында мағлыўмат бериўди мәжбүрий етип қойыўды усыныс етпекте.

Егер нызам қабыл етилсе, мәмлекетлик хызметкерлер өз шаңарақ ағзалары, солар қатарында атаанасы, өмирлик жолдасы, перзентлериниң мүлклери, дәраматлары ҳәм қәрежетлери ҳаққындағы декларацияны усыныўға мәжбүр болады.

Айрым категориядағы мәмлекетлик хызметкерлер ушын (олардың дизими президент тәрепинен белгиленеди) мүлкке, дәраматларға ҳәм көп муғдардағы қәрежетлерге қосымша талаплар белгилениўи мүмкин.

Мәмлекетлик хызметке қабыл етилиўи ушын барлық талабанлар, олардың биринши дәрежели ағайинтуўысқанлары болған шаңарақ ағзаларын мәмлекетлик хызметке кириў ўақтында мүлк декларациясы, дәраматлар ҳәм көп муғдардағы қәрежетлери ҳаққындағы мағлыўматларды усыныўы мәжбүрий етип қойылыўы мүмкин.

«Декларацияны тапсырғаны ҳаққындағы мағлыўмат мәмлекетлик хызметлер бойынша ўәкилликли орган тәрепинен, талабанның мәмлекетлик хызметке қабыл етиў ҳаққындағы қарар шығарылғанға шекем тексериледи», – деп келтирилген жойбарда.

Хызметкер надурыс ҳәм толық болмаған мағлыўматларды усынса (ямаса улыўма тапсырмаса), бул оны жумыстан шығарып жибериўге тийкар болады.

Ҳүжжетти 5-июньға шекем додалаў мүмкин. Күшке киргизилиўи режелестирилген сәне – 1-июль.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги