2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң түрлери және 31 ге көбеймекте. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Булар:

– туўылыўды дизимге алыў; қайтыс болыўды дизимге алыў; ПҲАЖ органлары тәрепинен архивлик ҳүжжетлерди бериў, тәкирар түрде гүўалықлар бериў; пуқаралық ҳалаты актлерин тиклеў; пуқаралық ҳалаты актлери жазыўына өзгерис, дүзетиў ҳәм қосымшалар киргизиў;

– Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў;

– нотариаллық органлар тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериў; судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў;

– мәнзил-мағлыўмат мәлимлемелерин усыныў; сырт еллерде мийнет етиўге руқсатнама; мийнет органларында пуқараларды жумыссыз сыпатында дизимге алыў; жумыссызлық бойынша пенсия тайынлаў; ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў ушын арза бериў;

– телекоммуникациялық тармақларды жойбарлаў, қурыў, пайдаланыў ҳәм хызмет көрсетиў жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў;

– ветеринария жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў; туризм жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў;

– физикалық шахс – салық төлеўшиниң салық ҳәм басқа төлемлерден қарызы жоқ екенлиги (ямаса барлығы) ҳаққында мағлыўматнама бериў; физикалық шахсларға салық төлеўшиниң идентификациялық номерин (СТИН (ИНН) бериў;

– турақ жай болмаған типтеги көшпес мүлк объектлери бойынша кадастрлық хызмет көрсетиў; турақ жай типиндеги көшпес мүлк объектлери бойынша кадастрлық хызмет көрсетиў;

– пуқаралардың атында жеке турақ жайы бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў; сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў);

– электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин орнатыўға арза бериў; электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин шешиўге арза бериў;

– электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин салыстырыўға арза бериў;

– пуқараларға перзент дүньяға келгенде төленетуғын бир мәртелик пенсия пулын алыў ушын мүрәжат етиў;

– жерлеў мәресимлерин өткериў ушын төленетуғын бир мәртелик пенсия пулын алыў ушын мүрәжат етиў;

– пенсия алыўшылар дизиминде бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў; пенсиялардың муғдары ҳаққында мағлыўматнама бериў;

– миллий транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.