Президент Шавкат Мирзиёев турмыслық шығындылар менен қатнас системасын жетилистириў илажлары ҳаққындағы қарарды тастыйықлады, деп хабар бермекте Gazeta.uz «Өзбекстан 24» телеканалының «Ахборот 24» бағдарламасына тийкарланып.

Қарар тийкарында, мәмлекетимиз бойлап жаңа шығынды жыйнаў пунктлерин қурыўға 29 миллиард сум, олардың шығынды контейнерлери менен тәмийинлениўине болса 3,6 миллиард сум ажыратылады.

2019-2021-жыллары «Таза аймақ» автопарки 590 шығынды тасыў машинасы, 84 бульдозер ҳәм 59 автожүккөтергиш пенен толықтырылады.

Қоршаған орталықтың жағдайы бойынша жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў режелестирилмекте. Мәлимлеме министрлигине 1-сентябрьге шекем бул бағдардағы нызам бузыўшылықлар ҳаққындағы фото ҳәм видеоматериалларды жайластырыў мүмкин болған порталды ислеп шығыў тапсырылды.

Мәмлекетлик экологиялық комитетке ИИМ менен биргеликте аймақларды патаслағаны ушын жуўапкершиликке тартыў бойынша әмелий механизмлерди ислеп шығыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм лаўазымлы шахслардың шығындылар менен қатнас тараўындағы нызам бузыўшылықлар ушын жуўапкершилигин арттырыўды күшейтиў тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.