2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң түрлери және 31 ге көбеймекте. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бул хызметлер қатарында миллий транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў де киргизилген.

Ҳәзирги ўақытта транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў ямаса алмастырыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў Ташкент қаласының Мирабад, Юнусабад, Учтепа, Шайхонтоҳур районлары ҳәм Наманган қаласындағы мәмлекетлик хызметлер орайларында енгизилген.

2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап бундай гүўалықларды алыў ямаса алмастырыў Нөкис қаласындағы мәмлекетлик хызметлер орайында да әмелге асырылыўы режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.