18-май күни Қоңырат районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Халықаралық мийнет шөлкеминиң эксперти Жизель Миттон бир қатар тараў ўәкиллери менен бирге райондағы барлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, оқыў орынлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, дийқан, фермер ҳәм қыйтақ жер ийелери бирлеспелериниң ўәкиллери менен тренинг өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Тренингде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад районындағы кеңейтилген мәжилистеги шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, оны сапластырыў усыллары, мәжбүрий мийнетке жол қоймаў илажлары, бул бағдарда мәмлекетлик органлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ўәкиллери ҳәм дийқан-фермерлердиң жуўапкершилигин арттырыў бойынша мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, мәжбүрий мийнет көринислери сәўлеленген видеоролик ҳәм  мультироликлер жыналғанлардың дыққатына усынылды. Соңынан сораў-жуўаплар болып өтти. Тренинг даўамында «Мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў мәселелери» темасында әмелий шынығыў өткерилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги