«Өнермент» бирлеспесиниң Елликқала районлық бөлими тәрепинен районда жумыс алып барып атырған өнерментлерди дизимге алыў, халық арасында өнерментшиликти үгит-нәсиятлаў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтының хабарлаўынша, өткен жылы бирлеспеге 42 өнермент ағза болған болса, усы күнге шекем олардың саны 100 ге жеткен.

Бирлеспениң районлық бөлими баслығы Ш.Давлетова 100-ағза болып дизимнен өткен Әмирабад аўылында жасайтуғын өнермент Ф.Аллабергеновқа район ҳәкимлигиниң саўғасын тапсырды.

Еслетип өтемиз, бундай жумыслар халық арасында өнерментшилик пенен шуғылланып атырғанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-5242-санлы Пәрманы шеңберинде әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги