Қанлыкөл районы фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси 2018-жыл пахтаны жабайы от шөплерден тазалаў мапазында қатнасыў ушын Қанлыкөл районына мәўсимлик жумысқа мирәт етеди. Мәўсимлик жумысларында бир хызметкер орташа 1 млн 500 мың сум табыўы мүмкин.

Пахта отаўшыларға пахтаны жабайы от шөптен тазалаўда, пахтаның қатар арасын бирлеўде 1 (бир) гектары ушын 500 000 сўм (бес жүз мың сўм)  мийнет ҳақы төленеди. Мәўсим басынан толық қатнасса, (қәлесе шаңарақ ағзалары менен) шаңарақ ушын қосымша миллионлап дәрамат табыў мүмкин  (қәнигелердиң билдириўинше, 1 хызметкер орташа 3 гектарды ислеўи мүмкин. Демек, 1 хызметкер айына 1 млн 500 мың сум дәрамат табыўы мүмкин – ҚХА).

Жатақ жай ҳәм еки мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинлениўине кепиллик бериледи.

Буннан тысқары, басқа қала ҳәм районлардан келип, қатнасыўды кәлеўшилерге Қанлыкөл районына келип-кетиў транспорт кәрежетлери жумыс бериўши тәрепинен қапланады.

Егер, Сиз мәмлекетимиздиң гүзги пахта қырманына беккем тийкар жаратылыўына өз үлесиңизди қосыўға ҳәм қосымша дәрамат табыўға қызықсаңыз Қанлыкөл районы фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң төмендеги телефон номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин:

0(361) 332-11-46,

+99897 220-77-63,

+99893 206-71-19