2018-жыл 19-май күни Қарақалпақстан Республикасы Мәжбүрий орынлаў бюросының район ҳәм қала бөлимлериниң мәмлекетлик инспекторларына 28 дана скутер ҳәм басқармаға 1 дана автотранспорт салтанатлы жағдайда тапсырылды. Бул ҳаққында бюроның мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Бул мототехника ҳәм автотранспортлар бюроның мәмлекетлик инспекторларының мийнет жумысын жеңиллестириў, өнимдарлығын асырыў, оларға қолайлы имканият жаратып бериў мақсетинде берилмекте, – дейди Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Жеңис Ермашев. – Мәжбүрий орынлаў бюросы жумысы қысқа мүддет ишинде  жолға қойылып, заманагөй имаратлар, компьютер, мебель ҳәм басқа да материаллық-техникалық инвентарлар менен толық тәмийинленди.

Бюроның мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына көре, өткен жылы июль айында тәбийғый газ режеси 165 процентке, ал август айында 138 процентке шекем орынланған. Усы жылдың I шерегинде электр энергиясы ушын 73,1 млрд сумлық реже (90,6 процент), тәбийғый газ ушын 105,4 млрд сумлық реже (95,3 процент), суў тәмийнаты  ушын  9,2 млрд сумлық реже (102,3 процент) орынланған.

Усындай унамлы көрсеткишлер Президентимиз ҳәм Бас прокурор тәрепинен жақсы баҳаланып, бюро жумысын және де жеделлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, район ҳәм қала бөлимлерине жаңа маркалы арнаўлы автотранспорт қураллары  хызметте пайдаланыў ушын тапсырылған.

Бүгинги күнде бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, район ҳәм қала бөлимлеринде 700 ден аслам штат бирлиги ашылып, олар толық маман кадрлар менен толтырылған, соның ишинде 271 мәмлекетлик инспектор күндиз-түни хызмет  етпекте. Хызметти өтеп атырған бул хызметкерлер белгиленген тәртипте тастыйықланған хызмет кийимлери, жумыс бабында есап-китапларды әмелге асырыў мақсетинде термопринтер, терминал үскенелери менен толық тәмийинленген.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында шөлкемлестирилген Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының иске түсиўи менен төлем тәртибинде де бираз өзгерислер жүзеге келди ҳәм көп муғдардағы қарыздарлықлар сапластырылған.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги