Усы жыл 19-май күни пайтахтымыздағы амфитеатрда «Умид ниҳоллари-2018» жарысы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм гала концерт болып өтти. Жарыс жуўмағы бойынша Нөкис қаласы командасы Президент саўғасы «ДАМАС» автомашинасы менен сыйлықланды.

2017-жылдың сентябрь айынан басланған жаслық ҳәм спорт байрамы 4 басқышта өткерилип, жарысқа қатнасқан 142 мыңнан аслам оқыўшыдан 746 сы жеңимпаз болды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов.

Жарыстың биринши басқышы мектеплердеги класслар арасында 2017-жылдың сентябрь-октябрь айларында өткерилген болса, екинши басқышы мектеплер арасында ноябрь айында өткерилди. Онда спорттың 12 түри (мини футбол, шахмат, шашка, аўыр ҳәм жеңил атлетика, жүзиў, спорт ҳәм көркем гимнастика, бадминтон, футбол, гадбол ҳәм стол тенниси) бойынша жәми 91 мыңнан аслам жоқары класс оқыўшылары өз-ара күш сынасты. Қысқы дем алыс күнлеринде спорттың 12 түри (баскетбол, волейбол, бокс, гүрес, белбаўлы гүрес, туран жеке гүреси, өзбек урыс өнери, дзю-до, спорт гимнастиасы, еркин ҳәм грек-рим гүреси, таэквандо ВТФ) бойынша жәми 42 мың 600 ге шамалас оқыўшы өз-ара күш сынасты.

Жарыстың үшинши басқышы 4 аймаққа бөлинип өткерилди. Бул жарысларда жәми 1296 оқыўшы қатнасты.

Пайтахтымызда өткерилген финал басқышында 746 жеңимпаз анықланып, олар Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан «Ёшлик» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлими тәрепинен 1-2-3-дәрежели дипломлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жарыс жуўмағына көре командалық есапта Нөкис қаласы командасы жәми 441 балл топлап биринши, Қараөзек районы командасы 372 балл топлап екинши, Тахтакөпир районы командасы 272 балл, Әмиўдәрья районы командасы 244 балл менен сыйлы үшинши орынларды ийеледи.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов 1-орын ийеси – Нөкис қаласы командасына Президент саўғасы «ДАМАС» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги