Мағлыўматларға қарағанда, республикамызда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликке (АИВ инфекциясы) ушыраған бир пуқара ең биринши мәрте 2003-жылы есапқа алынған болса, бүгинги күнде олардың саны 532 ге жеткен. Елимизде некеден өтиўден алдын, сырт елде жумыс ислеп келгеннен кейин усы кеселликке тексериў жумысларын алып барыў жолға қойылған болып, айырымларында усы кеселликлердиң бар екенлиги анықланып, бул да усы кеселликтиң кең тарқалыўының алдын алыўға жәрдемин тийгизбекте.

Алып барылып атырған кең көлемли профилактикалық илажларға қарамастан 2018-жылдың 4 айы даўамында, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда АИВ инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны 2,3 есеге өскен.

Туберкулёз кеселлиги менен наўқасланғанлардың саны 2017-жылда алдынғы жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бираз азайған. Бирақ оны ерте анықлаў менен байланыслы жумыслар еле де жеделлестирилсе, жүзеге келетуғын көплеген қыйыншылықлардың алдын алыўға ерисиўге болады екен. Себеби, кеселликтиң ерте анықланбаўы ҳәм басқа да бир қатар факторлар себепли 2016-жылда 98 адам, өткен жылы 70 адам усы кеселлик себепли биймезгил дүньядан өткен.

Мине усындай мағлыўматлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен республикамыздағы туберкулёз, АИВ инфекциясы ҳәм безгек кеселликлериниң алдын алыў мақсетинде тийисли министрликлер менен ведомстволар, мәкеме ҳәм шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте 16-май күни өткерилген дөгерек сәўбетинде атап өтилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайының, Мәкемелераралық эксперт комиссиясының ағзалары қатнасып, жергиликли тараў басшыларының усы кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша әмелге асырып атырған илажлары, шет мәмлекетлердиң тәжирийбелерин қолланыўы, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес секторлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўи бойынша мағлыўматлар алды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында адамлардағы иммунитет жетиспеўшилиги вирусы инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай кескинлигинше қалмақта. Ҳәр жылы дүнья жүзинде ҳәм елимизде усы инфекция тарқалыўының жаңа ҳалатлары байқалмақта.

Сонлықтан, елимизде бул мәселеге үлкен итибар қаратылып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-январдағы «Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Илажда АИВ инфекциясының тарқалыўының алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес секторлардың барлық күшлерин бириктирген ҳалда профилактикалық илажларды күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.