Ташкентте Өзбекистан Республикасының Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң (ИБШ) Сыртқы ислер министрлиги кеңесине басшы сыпатындағы жумысының жуўмақланыўына бағышланған баспасөз брифинги болды.

Брифингти Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов басқарды.

Өзбекистан басшылықты 2016-жыл 18-19-октябрь күнлери Ташкентте болып өткен ИБШ Сыртқы ислер министрлиги кеңесиниң 43-сесиясында қабыл етти. Сессияда ағза мәмлекетлердиң сыртқы сиясат ведомстволарының басшылары, шөлкемниң Бас хаткери, Ислам раўажланыў банкиниң топарының директоры, ИБШның жәрдемши ҳәм қәнигелескен мәкемелериниң басшылары, Америка Қурама Штатлары, Франция, Италия, Уллы Британия ҳәм Швейцарияның шөлкемдеги арнаўлы ўәкиллери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Араб мәмлекетлери лигасы, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес сыяқлы халықаралық структуралардың ўәкиллери қатнасты.

Сессияның жуўмақларына бола, 118 резолюция, ИБШның күн тәртибиндеги тийкарғы сиясий, ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитар мәселелери сәўлеленген Ташкент декларациясы қабыл етилди.

Әнжуманда Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасып, ИБШ Сыртқы ислер министрлер кеңесине Өзбекистанның басшылығы дәўиринде әмелге асырылыўы нәзерге тутылған ең баслы мақсетлерди белгилеп берди. Мәмлекетимиз басшысы Самарқандтағы Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ташкент Ислам университетинде Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеминиң (ISESCO) арнаўлы кафедрасын шөлкемлестириў бойынша басламаларын алға қойды.

Усы тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда, сондай-ақ, ИБШ Режесиндеги принциплер менен ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистанның басшылығы даўамында системалы жумыслар әмелге асырылды. Министрлер дәрежесиндеги төрт илаж, шөлкемниң атқарыў комитетиниң үш сессиясы, Жидда, Нью-Йорк, Женева ҳәм Брюссельде өткерилген 16 экспертлер мәжилиси бир қатар конференциялар менен мәжилислер ИБШ күн тәртибин ҳәм жумысын сезилерли дәрежеде байытты.

Мәмлекетимиз басшысының Самарқандтағы Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша басламасы ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 43 ҳәм 44-сесияларында барлық ағза мәмлекетлер тәрепинен қоллап-қуўатланды. Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ташкент ислам университети жанындағы ISESCO арнаўлы кафедрасын шөлкемлестириў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди. ИБШ арнаўлы мәкемелери, атап айтқанда, Ислам раўажланыў банки менен бул бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Усы жыл май айында елимиз ҳүкимети ҳәм банк арасында Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылды. Түркия, Кувейт, Сауд Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Умман, Пакистан, ИБШның структуралық бөлимлери усы жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенин билдирди.

Президентимиздиң басшылығындағы Өзбекистан делегациясы усы жыл 21-май күни ар-Рияд қаласында болып өткен Араб-мусулман мәмлекетлери ҳәм АҚШ саммитинде қатнасты. Саммит мусулман дүньясының экстремизм ҳәм терроризмге қарсы турыўда бирлескенлигин тастыйықлады. Өзбекистан Сауд Арабстаны пайтахтында Экстремистлик идеяларға қарсы глобал орай шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлады.

Өзбекистан халықаралық шөлкемлер шеңберинде өзиниң жумысын арттырып бармақта. Бул бағдарда оның халықаралық майдандағы абыройын барған сайын өсип атырғанлығы, ерисип атырған табыслары, әмелге асырып атырған социаллық-экономикалық реформалары тән алынып атырғанлығын бақлаў мүмкин. ИБШ Бас хаткери ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы жоқары баҳаланбақта.

Инсан ҳуқықлары саласында елимизде ерисилип атырған табыслар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғанлығын атап өтиў зәрүр. Елимиздиң ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесине басшылығы дәўириндеги әмелий илажлар нәтийжесинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекистан Миллий орайы директоры А.Саидов ИБШның инсан ҳуқықлары бойынша турақлы комитетине сайланды.

ИБШға ағза мәмлекетлер арасында илимий-техникалық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде 2016-жыл 21-декабрь күни Жиддада мәлимлеме министрлери дәрежесиндеги Ислам конференциясының 11-мәжилиси болып өтти.

БМШ Қәўипсизлик кеңесинде Өзбекистанның БМШтағы турақлы ўәкили Жақын Шығыстағы жағдай бойынша ИБШ позициясын бир неше мәрте шөлкеминиң атынан жәриялады.

Мәдений-гуманитар бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылды. Ағза мәмлекетлерде ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәкемелериниң ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша министрлер дәрежесиндеги конференцияның 1-сессиясын өткериў бойынша Сауд Арабстанының басламасы мақулланды.

Өзбекистанның басшылығы дәўиринде «Халықаралық исламий фикх академиясының Қайыр сақаўат қоры» режесиниң жойбарын ҳәм Бас секретариат ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўин тәртипке салатуғын Хартияны көрип шығыў бойынша ҳүкиметлераралық экспертлер топарларының мәжилислери болып өтти.

Усы жылдың 10-11-июль күнлери Абиджан қаласында болып өткен ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 44-сесиясында Өзбекистан өзиниң басшылығын шын мәнисинде Кот-д,Ивуарға тапсырды. Мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекистанның басшылығы дәўиринде әмелге асырылған жумыслар жоқары баҳаланды.

Беҳзод БОЗОРОВ,

ӨзАның хабаршысы