Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 2018-жыл 15-17-май күнлери рәсмий сапар менен усы елде болды.

16-май күни Ақ үй резиденциясында мәмлекет басшыларының ушырасыўы болып өтти. Сөйлесиўлерде Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының «Өзбекстан-Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шериклик жаңа дәўириниң басланыўы» деп аталған Биргеликтеги билдириўи қабыл етилди. Түрли тараўлардағы өз-ара қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламына қол қойылды.

Атап айтқанда, энергетика, еки тәреплеме саўда қатнасықларын кеңейтиў, жоқары билимлендириў ҳәм академиялық изертлеўлер, аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиў бойынша келисим протоколлары қабыл етилди. Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы және 2018-жылы Ташкентте Орайлық Азия саўда форумын өткериўде бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумына қол қойылды. Сондай-ақ, Өзбекстан Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки менен АҚШ Экспорт-импорт банки арасында қоспа жойбарларды қаржыландырыў ҳаққында меморандум қабыл етилди.

Бул келисимлер еки ел арасындағы байланыслардың тарийхый әҳмийетке ийе жаңа дәўирин баслап беретуғынына гүман жоқ.

Өзбекстан делегациясының АҚШ қа сапар етиўи мүнәсибети менен «Виллард интерконтинентал» мийманханасында шөлкемлестирилген қабыллаў мәресиминде Шавкат Мирзиёев Дональд Трамп пенен сөйлесиў өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплери тийкарында өткенин айрықша атап өтти. «Биз бул тарийхый сапар етиўди кейинги еки жылда тез пәтлер менен раўажланып атырған Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўиниң логикалық даўамы, деп билемиз. Еллеримиз географиялық жақтан бир-биринен узақ болса да, мийнетти сүйиўшилик, кеңпейиллик ҳәм ўатанды сүйиўшилик сыяқлы қәдриятлар халықларымызды бирлестирип турады», деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан тарийхын ҳәм мәдениятын терең үйренип, пүткил дүньяда кең үгит-нәсият етип атырған Фредирик Старр ҳәм басқа да амераикалы илимпазларға миннетдаршылық билдирди.

Илажда өзбек мақам көркем өнерин раўажландырыў, халқымыздың бай мәдений мийрасын дүньяда үгит-нәсиятлаўға қосқан үлеси ушын мақам ансамблиниң бурынғы қосықшысы Изро Малаковқа Өзбекстан Республикасы халық артисти дәрежеси берилгени жәрияланды. Изро Малаков бундай уллы итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Сапар етиўдиң үшинши күни де ушырасыўлар, сөйлесиўлер ҳәм илажларға бай болды.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ  Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпео менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Президентиниң рәсмий сапары еки елдиң мәплерине хызмет ететуғыны атап өтилди. Еллеримиз арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, сыртқы сиясат мәкемелериниң байланысларын жеделлестириў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Пентагонда АҚШ қорғаныў министри Жеймс Мэттис пенен сөйлесиў алып барды.

Президентимиз сыртқы сиясатымыздағы ашық-айдынлық ҳәм жақсы қоңсышылық принциплерине тийкарланып, Ўатанымыз суверенитетин ҳәм ғәрезсизлигин беккемлеў мақсетинде елимиздиң жаңа Қорғаныў доктринасы қабыл етилгени, әскерий округлардың қурамлық структурасы ҳәм ўазыйпалары түп-тийкарынан қайта көрип шығылып, әскерий билимлендириў орынларының реформаланғанын атап өтти.

Өзбекстан бул тараўда Америка Қурама Штатлары менен тәжирийбе алмасыў, әскерий-техникалық қорғаныў ҳәм қәўипсизлик бағдарларында бирге ислесиўден мәпдар, деди Шавкат Мирзиёев.

АҚШ Қорғаныў министри Өзбекстан регионда әҳмийетли геостратегиялық әҳмийетке ийе мәмлекет екенин атап өтти.

Өзбекстанның ашық-айдын ҳәм конструктивлик сыртқы сиясаты нәтийжесинде Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық орталығы жаратылды. Аўғанстан Президенти Ашраф Ғани менен сөйлесиўлери, Аўғанстан ислери бойынша арнаўлы ўәкил тайынлағаныңыз үлкен әҳмийетке ийе. Рәсмий сапарыңыз шеңберинде қабыл етилген бес жылға мөлшерленген әскерий бирге ислесиў режеси регионда тынышлықты ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге хызмет етеди, деди Жеймс Мэттис.

Ушырасыўда қорғаныў ҳәм қәўипсизлик, әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў тараўларындағы қатнасықларды раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы Капитолийда АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының ағзасы Трент Келли басшылығындағы конгрессменлер менен ушырасты. Сөйлесиўде еки ел арасында өз-ара исенимге ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған қатнасықлардың енгизгени атап өтилди. Парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Президентимиз парламент ҳәм ҳүкимет дәрежесиндеги еки тәреплеме сапар етиўлердиң жеделлескени сиясий, социаллық-экономикалық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Сенаты Баслығының орынбасары, қаржы бойынша комитетиниң баслығы Оррин Хэтч басшылығындағы сенаторлар менен сөйлести. Сөйлесиўде парламентлераралық байланыслар, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.

Елимиз басшысының АҚШ қа рәсмий сапары бағдарламасынан орын алған бул ушырасыў стратегиялық шериклик қтанасықларын буннан былай да раўажландырыўға, еки ел парламентлери арасында бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы күни Жәҳән банкиниң Президенти Жим Ёнг Ким менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы көп жыллардан берли Жәҳән банкинде ислеп атырған ўатанласларымыз бенен көристи.

Бүгинги күнде Өзбекстан менен бул банк арасындағы бирге ислесиў энергетика, ирригация ҳәм коммуналлық тармақларды модернизациялаў. транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўларын өз ишине алған. 2020-жылға шекем бирге ислесиў бойынша биргеликтеги бағдарламаға 27 әҳмийетли жойбар киргизилген. Олардың улыўма нырқы 4 миллиард доллардан ибарат болып, оның 3 миллиард доллары Жәҳән банкиниң кредитлери болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ири экономикалық жойбарларда Жәҳән банки менен бирге ислесиў жоқары нәтийже берип атырғанын атап өтти. Өзбекстан Жәҳән банки менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў тәрепдары екенин атап өтти.

Ушырасыўда перспективалы жойбарлар көрип шығылып, әмелий байланысларды буннан былай да кеңейтиў бойынша анық усыныслар билдирилди. Бағшылықты раўажландырыў, қыстаўлы медициналық жәрдем системасын жетилистириў, санаат кәрханаларының энергияны үнемлеўин арттырыў, ысытыў тармақларын модернизациялаў, қаржы бойынша консультатив хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларға байланыслы келисимлерге қол қойылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң АҚШ қа рәсмий сапары жуўмақланды. Өз-ара қатнасықлардағы тарийхый ўақыя болған бул сапар етиў бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғынына гүман жоқ.

Абу-Бакр ЎРОЗОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Ташкент-Вашингтон-Ташкент.