Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик қаржы қадағалаўы бойынша бас басқармасы пахта тазалаў кәрханаларында да мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

«Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик қаржы қадағалаўы бойынша бас басқармасы ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Бул өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық, бас басқарма пахта тазалаў кәрханаларында да мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.

Атап айтқанда, буннан былай қабыл етилген пахта шийки заты ҳәм оны қайта ислеўден алынған таяр өнимлер ҳәрекети есабының дурыслығы, аўыл хожалығы өндириўшилеринен қабыл етилген пахта шийки заты ушын әмелге асырылған жуўмақлаўшы есаплаўлардың дурыслығы бойынша да қадағалаў алып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги