Рашид Қартбаев

 Бүгин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик кең қулаш жайып атырған дәўирде пуқаралардың сана-сезими де заман ағымы менен бирге өзгерип атыр. Тән алыў керек, бүгинги адамлар буннан 20-30 жыл алдынғы адамлар емес. Адамларда ҳәрекет бар. Ертеңги күнге умтылыўшылық бар. Материаллық жағдайын жақсылаўға деген инта бар. Әлбетте, бул жағдай базар экономикасы дәўири ушын тән қәсийет.

Бурынғы Аўқам дәўиринде массалық психология «бизди ҳүкимет бағады» тәризинде болған болса, бүгинги күнде пуқаралар санасына «ким ислесе сол тислейди» принципи беккем орналаспақта.

Қарап турсаңыз, буннан 15-20 жыл алдын Нөкис қаласының өзинде кеўил ашар, саўда орынларын ушыратыў жекке сийрек болған болса, ҳәзир адым жерде. Демек, дәўирдиң өзи халықтың көзин ашып атырған екен, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған исбилерменликти жедел раўажландырыў бойынша әҳмийетли ҳүжжетлер басланған ислерге еле де пәт бағышламақта.

Дәўир руўхынан илҳамланып атырған исбилерменлердиң бири – Рашид Қартбаев десек қәтелеспеген боламыз.

«Мустанаб-Ҳилол» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине басшылық етип атырған Р.Қартбаев ҳәм оның искерлиги ҳаққында ғалаба хабар қуралларында көп материаллар жәрияланбақта. Қарақалпақстан хабар агентлиги сайтында да бул исбилермен ҳаққында дүркин мақалалар жәрияланған еди.  Ол соның менен бирге социаллық тармақларда шығындыларға екинши өмир бериўши, мәмлекеттиң бас санитары сыпатында белгили болмақта. Әсиресе, оның гүздеги төгилген жапырақтан экологиялық жай қурып атырғанлығы ҳаққындағы тарқалған хабар үлкен дәбдебели ўақыя болды.

Оның басшылық ететуғын кәрханасы толығы менен шығындыларды қайта ислейди. Онда текстиль шығындылар қайта исленип, суйық гүлқағазлар таярланады, полиэтилен ҳәм полипропилен шығындылардан гранула алынады, черепица, пластмасса қубырлар, целлофан пакетлер ислеп шығарылады, тасланған сүйеклерден ун таярланады. Сондай-ақ, жарамсыз деп тасланған шиналар менен гүзде тереклерден түскен жапырақлар да адамзат ийгилигине жумсалмақта.

Исбилермен өткен жылдан баслап шошқа бағыў арқалы қаладан шығып атырған жуўындыларды да пайдалы иске асырмақта.

Рашидти қаланың санитары десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз. Себеби ол бир күнде 5 тонна шығындыны қайта ислеп, пайдалы өнимге айландырмақта.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде шығындыларды қайта ислеў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғанын есапқа алсақ, шығындыларды енди бурынғыдай қала шетине шығарып таслаў, өртеп жибериў яки көмип таслаў арқалы жоқ етиў емес, ал оны турмысқа пайдалы нәрсеге айландырыў зәрүр. Оның ушын Рашид қусаған исбилерменлер қатары көбейе түссе нур үстине нур болар еди.

Төменде Рашид Қартбаев ойлап тапқан табылмалары менен ортақласыўыныз мүмкин (Фото):

Текстиль шығындыдан таярланған суйық гүлқағаз

Текстиль шығындыдан таярланған суйық гүлқағаз

Жапырақтан қурылып атырған жай

Текстиль шығындылар усы станокта майдаланып, суйық гүлқағазға айландырылады

 

Қуўат Тәжимуратов,

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Қараөзек районы инспекторы