17-май күни Өзбекстан стоматологлар ассоциациясының баслығы, Ташкент мәмлекетлик Стоматология институтының кафедра баслығы, медицина илимлериниң докторы Адҳам Хасанов бир топар қәнигелер қатнасында пайтахтымыздағы Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында наўқасларды қабыллап, үш наўқасқа хирургиялық операция өткерди.

-Бул жерде биз топарымыз бенен еки күн даўамында 100 ден аслам наўқасларды қабыл етип, диагноз қойыў, емлеў жумыслары менен шуқылландық,-дейди А.Хасанов. Бул илажды өткериўимизден тийкарғы мақсетимиз, пуқаралардың аўыр операцияларды ислетиў ушын Ташкент қаласына бармай-ақ усы жерде өткериўди әмелге асырыў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў болып есапланады.                                                         

Доктор А.Хасанов усы жерде еки күн даўамында республикамыздағы стоматолог шыпакерлер арасында семинар өткерип тис ҳәм аўыз бослығы кеселликлери туўралы ҳәм оны емлеўдиң заманагөй жаңа усыллары ҳаққында мағлыўматлар берди.

Усы кеселликлер менен басқа кеселликлердиң байланыслылығы бойынша, яғный ишки ағзалар наўқасланғанда, асқазан-ишек кеселликлеринде  аўыз бослығы силекей қабатында пайда болатуғын өзгерислер, гепатит С,  қантлы диабет, аддисон кеселлиги – бөтеке үсти бези қабатының созылмалы жетиспеўшилиги сыяқлы мәселелер бойынша мағлыўматлар берип өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(Сүўретте; Доктор А.Хасанов операция пайытында).