Нөкис қаласындағы «Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийетиниң саўда комплексинде Өзбекстан Республикасы Есап палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәжбүрий орынлаў бюросы, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық инспекциясы биргеликте жынаят ислери бойынша судлардың орынлаў ҳүжжетлери бойынша мәмлекет дәраматларына өткерилиўи белгиленген саўда ярмаркасын шөлкемлестирди.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспа сөз хызметиниң хабар етиўинше, усы еки күнлик ярмаркада жәми 400 миллион сумнан зыят товарлар, яғный, арзанластырылған баҳадағы 100 ден аслам кийим-кеншеклер, аяқ кийимлер, таўарлар, сүлгилер, парфюмерия өнимлери, уялы телефон аппаратлары ҳәм олардың аўысық бөлеклери, тюнерлер ҳәм басқа да өнимлер саўдаға қойылған.

Қарыйдарлар арзан баҳадағы ярмаркаға үлкен қызығыўшылық пенен қатнасты. Бул ярмаркада товарларды халыққа усыныў менен биргеликте, мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлери  онлайн аукционын да үгит-нәсиятлады. Пуқараларға онлайн аукционда қатнасыў тәртиби туўралы түсиниклер берилди.

Буннан тысқары, саўда ярмаркасында сатылмай қалған ямаса жынаят ислери бойынша судлардың орынлаў ҳүжжетлерине тийкарланып мәмлекет дәраматларына өткерилиўи белгиленген басқа да өнимлер Нөкис қаласындағы арнаўлы шақапшаларда да турақлы түрде сатылмақта.

Еслетип өтемиз, бул ярмарка Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 15-июльдағы «Мәмлекет дәраматына өткерилетуғын мал-мүлклерди алып қойыў, сатыў ҳәм жоқ етип таслаў тәртиби ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.