Вашингтон, 16-май. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Әбиў Бәкир ОРАЗОВ хабар береди.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 2018-жыл 15-май күни биринши мәрте рәсмий сапар менен Вашингтонға келди.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары  16-май күни Америка Қурама Штатлары Президентиниң рәсмий резиденциясы-Ақ үйде болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп күтип алды.

Соңғы ўақытлары еки ел арасында мәмлекет басшылары дәрежесинде сөйлесиўлер турақлы болып өтпекте. 2017-жылы Өзекстан ҳәм АҚШ Президентлери еки мәрте – май айында Сауд Арабстанының Ар-Риёд қаласында араб-мусылман еллери ҳәм АҚШ саммитинде ҳәм сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясы шеңберинде Нью-Йоркда ушырасып, еллеримиз арасында қәлиплескен байланыслар ҳәм перспективадағы режелер туўралы сәўбетлести.

Сондай-ақ,  2017-жылы Өзбекстан ҳәм АҚШ басшыларының телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти. Усы жыл март айында Президент Дональд Трамп Президент Шавкат Мирзиёевқа Ташкент қаласында өткерилген Аўғанстан бойынша халықаралық конференция қарсаңында хат жоллады.

Сол сөйлесиўлерде мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға тийисли мәселелер, өзлерин қызықтырған әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысты. Орайлық Азияда қәўипсизликти тәмийинлеў, Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў, халықаралық терроризмге, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

АҚШ Президенти Өзбекстанның регион еллери менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўға ҳәм кооперацияны жеделлестириўге   қаратылған, Орайлық Азияда тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеўге хызмет ететуғын ашық-айдын ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатын және белсенди ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлап келмекте.

Өзбекстан менен Америка Қурама Штатларының стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, әсиресе, регионаллық ҳәм халықаралық тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарында әҳмийетли мәселелер бойынша еки мәмлекет басшыларының көз қарасларының  уқсаслығы еллеримиз арасындағы кең көлемли байланысларды избе-из раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Өткен ўақыт даўамында Өзбекстан менен АҚШ өз-ара түсинисиў, ҳүрмет ҳәм мәпдарлық принциплерине тийкарланған стратегиялық шериклик руўхындағы қатнасықларды раўажаландырыў жолында әҳмийетли қәдем таслады.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң перспективалы режелерин биргеликте көрип шығыў мақсетинде Президент Дональд Трамп Өзбекстан басшысын АҚШ қа рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти. Өзбекстан Президенти тәрепинен қатнаатланыўшылық пенен қабыл етилген бул мирәт жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жаңа дәўирин баслап берди.

Мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўында Дональд Трамп еллеримиз арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды буннан былай да беккемлеў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық тараўындағы улыўма мақсетлерди әмелге асырыўда биргеликте ислесиўден қанаатланатуғынын атап өтти.

Америка Қурама Штатлары Өзбекстан Республикасының қоңсы мәмлекетлердиң ғәрезсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, сондай-ақ, Орайлық Азияны буннан былай да раўажландырыў ҳәм регионда аўызбиршиликти беккемлеўге бағдарланған ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды, деди Дональд Трамп.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан делегациясына көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын АҚШ Президентине миннетдаршылық билдирди.

2017-жылы болған ушырасыў ҳәм телефон арқалы сөйлесиўлер ўақтында додаланған мәселелерди бүгин дийдине жеткериў көп қырлы бирге ислесиўимизди жедел раўажландырыўда жаңа қәдем болады, деп ойлайман, – деди Шавкат Мирзиёев. – Өзбекстан ҳәм АҚШ тағы Президент сайлаўларынан кейин еллеримиздиң қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди. Бүгин қабыл етилетуғын «Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шериклик жаңа дәўириниң басланыўы» атлы Биргеликтеги билдириў өз аты ҳәм мәниси менен көп нәрсени аңлатады. Тәреплердиң узақ келешеккке мөлшерленген умтылысларынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан сыртқы сиясатының концептуаллық тийкарлары өзгериссиз қалатуғынын айрықша атап өтти. Өзбекстан Республикасы  Америка Қурама Шататлары менен қатнасықларды буннан былай да кеңейтиў, ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди избе-из беккемлеўдиң ҳәм раўажландырыўдың исенимли тәрепдары,

Еки ел арасындағы байланыслардың беккемлениўи Америка бизнесиниң елимизде узақ мүддетли жумысты жолға қойыўы және АҚШ тың жетекши   корпорациялары ҳәм компаниялары менен инвестициялық–технологиялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат жүргизиў, регионда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын беккемлеў сыяқлы мәселелерге үлкен әҳмийет берилген.

Президентимиздиң басламасы ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара исеним беккемленди. Мәмлекетлик шегаралар, суўдан пайдаланыў машқалалары, транспорт жоллары, саўда байланыслары, аймақлардың бирге ислесиўи сыяқлы көплеген мәселелер бойынша өз-ара пайдалы келисимлерге ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына үлкен әҳмийет қарататуғынын және бир мәрте атап өтти. «Орайлық Азияның дәл ортасында жайласқан Өзбекстан усы регионда турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айланыўынан тиккелей мәпдар. Тыныш-абадан, экономикалық жақтан раўажланған Орайлық Азия – биз умтылатуғын ең әҳмийетли мақсет ҳәм тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Өзбекстан өз-ара сөйлесиў, әмелий бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўдиң исенимли тәрепдары. Биз Орайлық Азия еллери менен сөзсиз барлық мәселелер бойынша ақылға уғрас пикирлесиў тийкарында бирге ислесиўге таярмыз», деди мәмлекетимиз басшысы БМШ минберинен.

Өзбекстан Президентиниң АҚШ қа сапар етиўи даўамында бул мәселеге айрықша итибар қаратылды. Президент Дональд Трамп регионымыздағы унамлы өзгерислерди с айрықша атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Дональд Трамп сөйлесиўлерди еки елдиң рәсмий делегациялары қатнасыўында даўам еттирди.

Онда тийкарғы итибар саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылды. Миристрликлер ҳәм компаниялар, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды жеделлестириў, жоқары технологиялар, саўда-санаат, жанылғы-энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Саўда-сатық тараўында еллеримиз арасында 1998-жылдан берли ең көп қолайлылық жаратыў тәртибине әмел етпекте. Өзбекстанда америкалы инвесторлар менен бирге ислесиўде шөлкемлестирилген 181 кәрхана жумыс ислемекте. Олардың 46 сы толық усы елдиң капиталы тийкарында дүзилген.

Өз-ара саўда транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары, фармацевтика, автомобиль қурылысы, жеңил санаат, азық-аўқат, аўыл хожалығы, электротехника сыяқлы көплеген тараўларды қамтып алған.

Шөлкемлестирилгенине жигирма жылдан асқан Америка-Өзбекстан саўда палатасы бүгин экономиканың түрли тармақларында биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарлар ислеп шығыўдың ҳәм әмелге асырыўдың әҳмийетли механизмине айланды. Ҳәзирги ўақытта АҚШ тың «Boeing», «General Motors», «General Electric», «CNH Industrial», «Hayatt», «Hilton» ҳәм басқа да көплеген ири компаниялары елимизде табыслы жумыс ислемекте.

Сөйлесиўде тәреплер жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерди избе-из даўам еттириў, экономика, энергетика, қаржы, инвестиция, жоқары технологиялар сыяқлы тараўлардығы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, гуманитар байланысларды кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Еллеримизде өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын пайдаланылмай атырған имканиятлардың көп екенлиги, оларды иске қосыў еки тәреп ушын да пайда келтиретуғыны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары аўыл хожалығы, энергетика, химия, қаржы, туризм, тоқымашылық санааты, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы технологиялар тараўларында және де тығыз бирге ислесиў бойынша бар имканиятларды үйрениўге келисип алды.

Сапар етиў даўамында Өзбекстан ҳәм АҚШ компаниялары арасында 20 дан аслам ири шәртнамаларға қол қойылғаны ҳәм олардың улыўма қуны 4,8 миллиард долларды қурағаны атап өтилди.

Тәреплер мәденият, илим, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўлары бойынша өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Президентлер еллеримиз арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўге өз үлесин қосатуғын Халықаралық билимлендириў бойынша Америка кеңеслериниң Өзбекстанда аккредитацияланыўын қанаатланыўышылық пенен  атап өтти. Дональ Трамп АҚШ Өзбекстанда инглис тили бойынша билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыўда көмек бериўге таяр екенин билдирди.

Мәмлекет басшыларының «Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шериклик жаңа дәўириниң басланыўы» деп аталған Биргеликтеги билдириўи қабыл етилди.

Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң ҳәр қыйлы министрликлери ҳәм ведомстволары арасында саўда-экономикалық, электротехника, фармацевтика, инвестиция, технология, инновация ҳәм билимлендириў тараўларында узақ мүддетли және кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды.

Өзбекстан басшысының бул сапар етиўи өз-ара қатнасықларда жаңа шыңларға ҳәм шеклерге қарай исенимли қәдем екени айрықша атап өтилди.

Күнниң екинши ярымында мәмлекетимиз басшысы Артур Саклер галереясына барды. Галерея коолекциясы Азия халықларының көркем өнер шығармаларынан ибарат 10 мыңға шамалас экспонатты өз ишине алған.

Президентимиз галереяда сақланып атырған өзбек тоқымашылық буйымларының үлгилерин көзден өткерди. Орайлық Азия бөлиминдеги миниатюралар ҳәм қолжазбалар менен танысты.

Вашингтонда АҚШ исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА