17-май күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Оны Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров басқарып барды.

Илажда усы жылы 27-апрель күни Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында болып өткен мәжилисте қаралған мәселелер, сайлаў комиссияларының усыннан келип шығатуғын ўазыйпалары, 2017-жыл 17-марттағы Өзбекстан Республикасының Бас министри, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы тәрепинен тастыйықланған комплексли илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселелер қаралды.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери Д.Абибуллаев шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында халықаралық нормалар менен стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм оны қабыл етиў, cондай-ақ, келеси жылы болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға ҳәзирден кирисиў ўазыйпасы белгиленген еди. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 11-январьдағы қарары менен Сайлаў кодексиниң жойбарын буннан былай да жетилистириў  мақсетинде ҳуқық тараўында бай тәжирийбеге ийе қәнигелерден ибарат жумысшы топар дүзилди. Кодексти ислеп шығыў барысында бир қатар еллердиң тәжирийбелери үйренип шығылды. Бүгинги күнге келип улыўма ҳәм арнаўлы бөлим, 23-бап, 129 статьядан ибарат Сайлаў кодекси ислеп шығылды.

Илажда алда болатуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларының жуўапкерли ўазыйпалары белгиленди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.