Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Корея Республикасынан «Evergreen Motors Group» компаниясының баслығы Ким Чанг Кеон басшылығындағы исбилермен, жәмийетлик ҳәм билимлендириў топары ўәкиллеринен ибарат делегацияны қабыллаў мәресими болды.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасындағы түрли тараўлардағы байланыслар, елимизде бирге ислесиў бойынша жаратылған шараятлар менен имканиятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң өткен жылдың 22-24-ноябрь күнлери аралығында Корея Республикасына мәмлекетлик сапары стратегиялық шериклик қатнасықларда жаңа басқыш болды. Соның менен бирге, мәденияты ҳәм менталитети бир-бирине жақын болған халықларымызды ески дослық байланыслары байланыстырып турады. Өткен жылы корейс миллетинен болған жерлеслеримиздиң Өзбекстанда, соның ишинде, бизиң республикамызда жасап атырғанының 80 жыллығы кең түрде белгиленди.

Өз гезегинде «Evergreen Motors Group» компаниясының баслығы Ким Чанг Кеон жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Сапар етиў даўамындағы режелер, әмелге асырылатуғын жойбарларға тоқтап өтти.

–Сапарымыз даўамында исбилерменлердиң қатнасында бизнес-форум өткериў, Беруний районы аймағында салынатуғын цемент заводы қурылысының тырнағын қалаў, бир қатар емлеў орынларында болыў, келешекте бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойысыў режелестирилген,-дейди делегация басшысы, «Evergreen Motors Group» компаниясының баслығы Ким Чанг Кеон.-Бул бирге ислесиўимиздеги дәслепки қәдем болып қалады. Себеби, усы жылдың август айында Корея Республикасынан 200 адамнан ибарат делегацияның, соның ишинде 60 денсаўлықты сақлаў хызметкери, 40 исбилермен ҳәм 100 туристтиң Қарақалпақстан Республикасына келиўи күтилмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.