Адабиёт ва санъат, маданиятни ривожлантириш – халқимиз маънавий оламини юксалтиришнинг мустаҳкам пойдеворидир

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-август күни елимиздиң дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда миллий мәдениятымызды, әдебиятымызды ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер, оларды шешиў жоллары, бул бойынша дөретиўшилик аўқамлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Шын жүректен ҳәм ашық-айдын пикирлесиў руўхында өткен мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, Министрлер Кабинетиниң комплекслери, министрликлер ҳәм ведомстволар, ири компаниялар, хожалық бирлеспелери, банклер, дөретиўшилик аўқамлар, жетекши ғалаба хабар қураллары, мәденият мәкемелери, театр ҳәм музейлердиң басшылары, әдебият, көркем өнер ҳәм мәденият тараўының белгили ғайраткерлери, журналистлер қатнасты. Видеоконференция түринде өткен ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, Мәденият министрлиги, дөретиўшилик аўқамлардың аймақлық бөлимлери, орынлардағы мәденият мәкемелери, теле-радиоканаллар, газеталардың басшылары, дөретиўши зыялылар қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев баянат жасады.

Елимизде барлық салалар менен тармақлар қатарында мәденияттың ҳәм көркем өнердиң, әдебияттың, ғалаба хабар қуралларының раўажланыўына үлкен итибар берилмекте. Әсиресе, соңғы ўақытта бул тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша үлкен жумыслар исленбекте.

Халқымыздың бай мәдений мийрасын тиклеў ҳәм үйрениў мақсетинде бир қатар үлкен жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, пайтахтымызда Өзбекистандағы Ислам мәденият орайы, Самарқандта Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайының қурылмақта. Өзбекистанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайы, Өзбекистанның жаңа тарийхы орайының жумысы жолға қойылмақта. Китапқумарлық мәдениятын арттырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын жетилистириўге үлкен итибар қаратылып, аймақларда уллы көркем өнер ғайраткерлериниң аты менен аталатуғын дөретиўшилик мектеплери ҳәм орайлары шөлкемлестирилмекте.

Бул жумыслардың логикалық даўамы сыпатында жас талант ийелериниң талантын жүзеге шығарыў бойынша да бар қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзинде  мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыў процесслери, бул бойынша унамлы тенденциялар менен бирге, айырым унамсыз жағдайлар, олардың жәмийетлик турмысқа тәсири қалыс және сын көз-қарастан баҳаланып, өз шешимин күтип турған әҳмийетли машқалалар ҳәм оларды сапластырыў жоллары ҳаққында пикир алысылды. Дөретиўшилик аўқамлар, мәденият министрлиги ҳәм оның ишиндеги бирлеспелер менен шөлкемлердиң жумысы терең талқыланды. Дөретиўши зыялылардың бүгинги күнде жәмийетлик турмыстағы, реформалар процессиндеги орны ҳәм ўазыйпасы туўралы әҳмийетли пикирлер билдирилген.

Президентимиз халқымыздың руўхый жетитилисиўинде дөретиўшилердиң хызмети оғада үлкен екенин айрықша атап өтип, раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышында барлық тараў ўәкиллери қатарында мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерин де және де белсене, жаңадан-жаңа дөретиўшилик идеялар ҳәм басламалар менен жасаў, излениў руўхы талап етилип атырғанлығын атап өтти.

Өзбекистанда әдебият ҳәм көркем өнер, мәденият, ғалаба хабар қураллары, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бизнеске айланбаўы шәрт ҳәм бизлер оған ҳеш қашан жол қоймаймыз, деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз болып өткен ашық-айдын ҳәм шын жүректен пикирлесиўдиң әҳмийети, логикалық нәтийжеси туўралы сөз етип, «Бизлердиң ҳәўес етиўге арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын шексиз байлықларымыз бар. Ҳәм мен исенемен, несип етсе, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз, уллы әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримиз де  болады, әлбетте», деген пикирди исенимли түрде атап өтти.

Ушырасыўда шығып сөйлеген Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы С.Ҳакимов, академиклер О.Салимов, Р.Убайдуллаева, Көркем өнер академиясының баслығы А.Нуриддинов, Өзбекистан халық шайыры Ҳ.Худайбердиева, Өзбекистан Республикасы көркем өнер ғайраткери А.Слоним, Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының профессоры С.Ғафурова, Өзбекистан халық артисти О.Назарбеков, Өзбекистанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, кинорежиссёр Ҳ.Насимов, Композиторлар аўқамының баслығы Р.Абдуллаев, Өзбекистанда хызмет көрсеткен артист Ж.Пиязов ҳәм басқалар мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер тараўына көрсетилип атырған жоқары итибар, шын жүректен пикирлескени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, белгилеп алынған мақсетлер ҳәм ўазыйпалар, жаратылып атырған шараятлар және имканиятлар дөретиўши халықты жаңа ҳәм мазмунлы шығармалар жаратыўға руўхландыратуғынын, барлық дөретиўши шөлкемлерди өз жумысын қайтадан көрип шығып, оны ҳәр тәреплеме нәтийжели шөлкемлестириўге шақыратуғынын атап өтти.

ӨзА