«Ҳәкимниң бир жумыс күни» жойбары шеңберинде Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары Шуҳрат Турдықулов үйлерде болып, халықтың социаллық турмысына байланыслы болған усынысларды да үйренбекте, деп жазады Kun.uz сайты.

ӨзА хабаршысының жазыўынша, ҳәким орынбасары қосықшылардың тойға шығыўы ҳаққында да пикирлерин билдирип өтти. Атап айтқанда, оның усынысына муўапық, қосықшылардың тойға шығыўы «Өзбекконцерт» мәмлекетлик бирлеспеси арқалы әмелге асырылыўы керек.

«Өзбекконцерт» мәмлекетлик бирлеспеси арқалы қосықшылар тойға шақырылса, олардың ҳәр бир шығыўы салыққа тартылыўы, баҳалардың қадағалаў астында болыўы аңсатласады. Ҳәзирги ўақытта қосықшылар тек ғана лицензия алыўда мәмлекетке пул төлейди, бул олардың дәраматына салыстырғанда оғада аз. Ҳәттеки, бир тойдың баҳасынан да арзан», – деп айтып өткен Шуҳрат Турдықулов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги