Республикамызда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликке (АИВ инфекциясы) ушыраған бир пуқара ең биринши мәрте 2003-жылы есапқа алынған болса, бүгинги күнде олардың саны 532 ге жеткен. 2018-жылдың 4 айы даўамында, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда АИВ инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны 2,3 есеге өскен. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлим етпекте.

Елимизде некеден өтиўден алдын, сырт елде жумыс ислеп келгеннен кейин адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликке тексериў жумысларын алып барыў жолға қойылған болып, айырымларында усы кеселликлердиң бар екенлиги анықланып, бул да усы кеселликтиң кең тарқалыўының алдын алыўға жәрдемин тийгизбекте.

Ал, туберкулёз кеселлиги менен наўқасланғанлардың саны 2017-жылда алдынғы жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бираз азайған. Қәнигелердиң пикиринше, бул кеселликти ерте анықлаў менен байланыслы жумыслар еле де жеделлестирилсе, жүзеге келетуғын көплеген қыйыншылықлардың алдын алыўға ерисиўге болады екен. Себеби, кеселликтиң ерте анықланбаўы ҳәм басқа да бир қатар факторлар себепли 2016-жылда 98 адам, өткен жылы 70 адам биймезгил дүньядан өткен.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында адамлардағы иммунитет жетиспеўшилиги вирусы инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай кескинлигинше қалмақта. Ҳәр жылы дүнья жүзинде ҳәм елимизде усы инфекция тарқалыўының жаңа ҳалатлары байқалмақта.

Сонлықтан, елимизде бул мәселеге үлкен итибар қаратылып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-январдағы «Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.