Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги 3389-санлы қарары, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарарында тест сынақларының нәтийжелерин тест сынақлары өткерилген күнниң ертеңине жәриялаў бойынша белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Америка Қурама Штатларының «Scantron» корпорациясы тәрепинен ислеп шығарылған 2 дана «iNSIGHT 150» оптикалық сканери сатып алынды ҳәм Мәмлекетлик тест орайына алып келинди. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта «Scantron» корпорациясының қәнигелери тәрепинен усы техникалық қуралларды орнатыў, апробациядан өткериў ҳәм Мәмлекетлик тест орайы қәнигелерин жаңа әўлад оптикалық сканериниң ислеў принципи, тәртиби менен таныстырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.