Халықаралық мийнет шөлкеминиң изертлеўлерине қарағанда 2014-2015-жылларда елимизде аўыл хожалығының, әсиресе, пахта жыйын териминиң  мәўсимлик жумысларына пуқаралардың қатнасыўы 3,2 миллионннан 2,8 миллионға азайған. Буның өзи де халықтың 25 процентке шамаласын қурайды екен. Олардың 70 проценти ҳаяллар. Бул жумысларға барыўға қарсылық көрсеткенлердиң саны 644 мың адамнан 1,1 миллионға көбейген. 2015-жылғы мәўсимлик жумысларға тартылғанлардың 66 проценти өз қәлеўи, 20 проценти онша қәлемей турып, 14 проценти улыўма қәлемей турып пахта жыйын теримине қатнасқан.

Ал, 2017-жылғы мағлыўматларда өзи қәлемей турып пахта жыйын-теримине қатнасқанлардың саны 13 процентке азайған.

Бул мағлыўматлар пайтахтымызда тийисли министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери, тараў қәнигелериниң қатнасында Халықаралық мийнет шөлкеминиң эксперти Жизель Миттонның қатнасында мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниң алдын алыўға бағышланған тренингте айрықша атап өтилди.

Онда Жизель Миттон мәжбүрий мийнет мәселесинде миллий миннетлемелер, мәўсимли жумысларға пуқараларды жаллаў ҳәм мәжбүрий мийнет қәўпи, мәжбүрий мийнет қәўпиниң алдын алыў ҳәм сапластырыў усыллары, алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятлар бойынша мағлыўматлар берди. Жыйналғанларға усы мәселелер сәўлелендирилген, яғный, пахтаға бармағаны ушын 12 пуқараны жумыстан босатқан басшы, мәжбүрий түрде көше тазалаўға шығарылып наўқасланған ҳаял ҳәм басқалар сәўлелендирилген  видеороликлерди қойып берди.

– Халықаралық мийнет шөлкеминиң Өзбекстан Республикасында ратификацияланған Конвенцияларында белгиленген нормалар ҳәм ҳуқықлар ең дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларында беккемлеп қойылған. Сондай-ақ, Мийнет кодекси, «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам ҳәм басқа да бир қатар нызамларда, нызам асты ҳүжжетлеринде ислеўшилер ушын жеңилликли нормалар белгилеп берилгенлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, Саўда-санаат палатасы арасындағы социаллық-экономикалық мәселелер бойынша 2017-2019-жылларға дүзилген Бас Келисимде «Зорлап ислетиў ҳәм мәжбүрий мийнет ҳаққында»ғы, «Мәжбүрий мийнетти сапластырыў ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар Халықаралық мийнет шөлкеминиң конвенцияларына сөзсиз әмел етилиўи мәселелери көрсетип өтилген,-дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Данияров.

Тренингте усы конвенцияларда белгиленген нормалар ҳәм талаплар бүгинги күнде кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде қабыл етилип атырған жәмәәтлик шәртнамаларда өз көринисин таўып атырғанлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 13-апрель күни Сырдәрья ўәлаяты белсендилери менен өткерген мәжилисинде, атыз ҳәм тазалаў-абаданластырыў жумысларына медицина, билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерин, студентлерди ҳәм басқа да социаллық тараў ўәкиллерин тартыўды қадаған етиў, бул бойынша барлық дәрежедеги басшылардың жеке жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған илажлар белгиленген еди. Ендигиден былай, басшылар тәрепинен пуқараларды жәмийетлик жумысларға мәжбүрлеў жағдайлары және бақланса, Президентимиздиң атап өткениндей, жаза қатаң болады, соның ишинде, жынайый жуўапкершиликке шекемги болған илажлар көриледи. Енди ҳеш ким, ҳеш кимди зорлап пахта тергизе алмайды.

Тренингте балалар мийнетинен пайдаланыўға ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаўда мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен үзликсиз жумыс алып барыў, бул бойынша турақлы түрде биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиў, хабардарлықты арттырыў, нызамшылыққа бәрқулла әмел етиўди тәмийинлеў ҳәм мониторинг алып барыў, юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен қайта байланыс механизмлерин еле де жетилистириў бойынша пикир усыныслар билдирилди.

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.