«Өзбекстан ҳәм Қытай: «Бир мәкан, бир жол» басламасын биргеликте әмелге асырыў перспективалары» темасындағы халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы делегациясы «Раўажланыў стратегиясы» орайында болды.

Орайдың атқарыўшы директоры А.Бурҳонов елимизде жәмийетлик-сиясий тараўларда алып барылып атырған реформаларда инсан мәплерин қорғаў, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, раўажланыўымызды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. 2017-2021   -жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында заман талапларынан келип шыққан ҳалда елимизди раўажландырыўды буннан былай да жеделлестириўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдарлары белгиленген.

Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда «Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен де бир қатар жумыслар алып барылмақта. Бул бойынша раўажланған шет еллердиң тәжирийбесин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыўда «Раўажланыў стратегиясы» орайының жумысы, оның жумыс жүргизиў тәртиби ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы партия комитетиниң хаткери Юй Синхуэ жаңаша ҳәм заманагөй руўхта шөлкемлестирилген орайдың жумысын жоқары баҳалады. Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы ҳәм орай арасындағы байланысларды жолға қойыў, соның ишинде, кадрлар таярлаўда ҳәм маманлығын арттырыўда бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Илаж шеңберинде «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы арасындағы өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Г.САТТОРОВА,

ӨзАның хабаршысы