Қарақалпақстан Республикасы бойынша тест сынақлары өткерилиўи режелестирилген Нөкис Олимпия резервлери мектеп-интернатында жоқары оқыў орнына оқыўға қабыллаў бойынша өткерилетуғын тест сынақларының таярлығы болып өтти. Онда 300 абитуриент қатнасты.

Бул илаж Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарында   белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте. Мақсет орынларда тест сынақларын өткериўге таярлық жағдайын үйрениў, жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылы ушын оқыўға қабыл етиў бойынша өткерилетуғын тест сынақларында қатнасатуғын Мәмлекетлик тест орайы ўәкиллери, комиссия басшылары менен топар бақлаўшылары ушын семинар шынығыўларын өткериў ҳәм репетицияларды шөлкемлестириўден ибарат.

Тестке таярлық ушын өткерилген бул илажда кириў тест сынақлары процесине тийисли болған техникалар апробациядан өткерилди. Бул тест сынақларының репетициясында жоқары оқыў орынлары лицейлериниң 300 питкериўши оқыўшылары 10 топарға бөлинген ҳалда шәртли абитуриент сыпатында қатнасты.

Мәлимлеме ҳәм коммуникация технологияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Мәмлекетлик тест орайы ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жәрдеминде имаратта бақлаў камералары, шахсты идентификациялаў қурылмалары, видеофиксация белгиленген орынларға орнатылып, репетиция процеси жоқары дәрежеде өткерилди. Тест сынақлары репетициясының ҳәр тәреплеме шөлкемлескенлик пенен өтиўинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери белсендилик көрсетти.

Бул тест сынақларының нәтийжеси бир ҳәптеден соң шығыўы күтилмекте.

Ҳақыйқый тест сынақлары быйыл 1-августтен баслап 15 күн даўамында усы мектеп-интернатта болып өтеди.

Мағлыўмат беремиз, репетицияда қатнасқан оқыўшыларға ҳақыйқый тест сынақларында ҳеш қандай жеңиллик берилмейди. Таярлықты өткериўден мақсет – быйыл тест сынақларына киргизилип атырған өзгерислердиң нәтийжесин сынап көриў, техникалардың таярлығын анықлаў болып, ал, онда топланған баллар оқыўшылардың билимин сынақтан өткериўге хызмет

етпейди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.