2018-жыл 10-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасында депутатлар дәслеп сиясий партиялар фракцияларының, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының, комитетлер ҳәм олардың жанында жумыс ислеп атырған эксперт топарларының мәжилислеринде додаланған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Депутатлап дәслеп Нызамшылық палатасы Кеңеси тәрепинен усынылған мәжилис күн тәртибин додалады. «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзалары мәселелер жеткиликли дәрежеде қамтып алынбағанлығы себепли майыплығы болған шахслардың инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура объектлерине иркинишсиз кириўин тәмийинлеўге байланыслы талапларды орынлаўдан бас тартқаны, сондай-ақ, олардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын күн тәртибинен шығарыў усынысын билдирди. Жуўапкер комитетке бул нызам жойбарын Нызамшылық палатасының мәжилисине қайта киргизиў ушын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти менен бирге жетилистириў тапсырылды.

Соң депутатлар өз жумысын усы жыл февраль айының басында парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде биринши оқыўда концептуал жақтан мақулланған «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 8-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары менен бирге ислесиўиниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин буннан былай да жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиндеги ўәкилликли ўәкили лаўазымын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Нызамның қабыл етилиўи Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары менен бирге ислесиўиниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин буннан былай да жетилистириўге, оның нызам дөретиўшилиги процесиндеги және атқарыўшы ҳәкимят уйымларының жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы қатнасы  нәтийжелилигин арттырыўға имканият беретуғыны атап өтилди.

Буннан соң фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер  ийелериниң егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша жеке мәпдарлығы ҳәм жуўапкершилиги арттырылыўын, жәмийетшилик қадағалаўдың тәсирли системасы нызамшылық тийкарында белгилениўин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшлар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда додаланды.

Бул нызам жойбарын додалаў ўақтында депутатлар фермер хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ажыратыў бойынша таңлаў өткериў ўақтында жас пуқараларға усынылатуғын жеңилликлер көлеминиң кеңейтилиўине, аўылда жасларды жумыс орынлары менен тәмийинлеўдиң ҳәм жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға байланыслы ҳуқықый тийкарлардың нызам ҳүжжетлеринде анық билдирилиўине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, Инта көрсетиўшилери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары болған, «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының нормаларын жетилистириўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда көрип шығылды.

Нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилгеннен соң Санаат, қурылыс ҳәм саўда мәселелери бойынша комитети тәрепинен орынларда усы тараў қәнигелери, илимпазларының қатнасыўында бир қатар семинарлар шөлкемлестирилди. Нызам жойбарын жетилистириўге байланыслы өткерилген талқылаў нәтийжелери бириктирилди, сондай-ақ, усы тараў эксперт-қәнигелериниң пикир-усыныслары есапқа алынды.

Бул жойбар, баянатшының атап өткениндей, «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талапларының Жиззақ ўәлаятындағы орынланыўын қадағалаў-талқылаў жумысы тәртибинде үйрениў тийкарында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарына «Республикада ишки автомобиль жолларын оңлаў ҳәм сақлаў жағдайы және перспективалары ҳаққында»ғы мәселе бойынша жиберилген парламентлик сораўдың жуўмақларына бола ислеп шығылды.

Депутатлардың пикирине бола, нызамның қабыл етилиўи экономиканы буннан былай да раўажландырыў, қала ҳәм аўылларда жол-транспорт инфраструктурасын жтилистириў, халықтың абадан турмысын арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.

Мәжилисте «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында миграция процесслериниң күшейиўине себеп болып атырған, ол болса, өз гезегинде, терроризм, экстремизниң тарқалыўына ҳәм олардың дүнья көлеминдеги машқалаға айланыўына хызмет ететуғын, дүньяның айырым регионларындағы турақсыз жағдай атап өтилген еди.

Нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шанхай Бирге Ислесиў Шөлкеминиң Экстремизмге қарсы гүресиў Конвенциясын буннан былай да әмелге асырыў ҳаққындағы бийлиигиниң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, усы Конвенция нормаларын имплементациялаў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге, конституциялық структураны ҳәм мәмлекеттиң аймақлық пүтинлигин қорғаўға, пуқаралардың тынышлығын, миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты сақлаўға, экстремизм тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыўға, анықлаўға және оларға шек қойыўға , унамсыз ақыбетлерди сапластырыўға, сондай-ақ, жуўапкершиликтиң сөз екенлиги принципин тәмийинлеўге мүмкиншилик  беретуғыны мәжилисте айрықша атап өтилди.

Биринши оқыўда көрип шығылған «Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 565-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары сиясий партиялар фракцияларының қызғын додалаўлары объектине айланды.

Атап өтилгениндей, туризм индустриясын жедел раўажландырыў, экономикада оның ролин ҳәм үлесин арттырыў, туристлик хызметлерди диверсификациялаў ҳәм сапасын жақсылаў, туризм инфраструктурасын кеңейтиў елимизди раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының әҳмийетли ўазыйпалары сыпатында белгиленген.

Жойбар менен физикалық шахслар тәрепинен автомототранспорт қуралларын ижараға  бериў шәртнамасын оның нотариал тастыйықлаўысыз бир ай мүддетке ҳуқықый жақтан рәсмийлестириў мәселелерин әпиўайыластырыўды нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте. Ҳәзирги ўақытта миллий нызамшылығымыз автомототранспорт қуралларын ижараға бериў шәртнамасын нотариал тастыйықлаўды талап етеди.

Сиясий партиялардың фракциялары, әсиресе, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзалары елимизде туризмди раўажландырыў бойынша Президент тәрепинен белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда бул нызам жойбарының нормаларын жетилистириў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

Мәжилисте парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети