Тест сынақлары алдынан Мәмлекетлик тест орайы жуўаплар бетин қалай толтырыў бойынша видеоролик таярлады. Бул ҳаққында Qalampir.uz сайты хабар бермекте. Бул видеоны төменде тамашалаўыңыз мүмкин.

 

https://youtu.be/bK5JeRAYjVU

 

Мағлыўмат ушын, 2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын тест сынақлары 15 күнде, ҳәр күни еки сменада өткериледи. Күнлик тест тапсыратуғын абитуриентлер саны орташа 57000-60000 ды қурайды. Нәтийжелер ертеңине dtm.uz сайтында жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги