Бурын хабар етилгениндей, 12-май бес қаланың бири есапланған Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Ақымбет бақсы» мавзолейи әтирапында  фольклор фестивалы шеңберинде бақсы, жыраў, ақын ҳәм қыссаханлардың қатнасыўында республикалық «Қур» мәдений илажы өткерилди.

Фестивальда Ақымбет бақсы атындағы республикалық бақсылар таңлаўы өткерилип, оған 25 жастан жоқары болған талант ийелери қатнасып, өзлериниң репертуарындағы Ақымбет бақсы атқарған «Арыўхан», «Алақайыс», «Тарлан», «Идирис» намаларын атқарды.

Оған республикамыздан ҳәм Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Наўайы, Хорезм ўәлаятларынан елиўге шамалас бақсы, жыраўлар қатнасты.

– Миймандос қарақалпақ үлкесине келип, устазымыз Ақымбет бақсының нама қосықларын атқарып атырмыз. Ҳәмме жақсы таярлық пенен келген. Халық сағынған байрам болмақта, – дейди Хорезм ўәлаятынан келген таңлаў қатнасыўшысы Мансур Қошқаров.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен фестиваль жеңимпазлары анықланды. Атап айтқанда, таңлаўдың гран-при жеңимпазы Нөкис қаласынан Азат Сейилханов, Зульфия Арзымбетова биринши, Миясар Жуматова, Лола Махамматдинова,  Мансур Қошқаровлар екинши, Бегзада Асқарова, Қуўанышбай Хожаниязов, Мақсет Айекеевлер үшинши орын жеңимпазлары деп табылды.

Таңлаўда «Ең жақсы ер адам даўысы», «Ең жақсы ҳаял адам даўысы», «Ең жақсы миллий ырғақ ийеси», «Ең жақсы дәстан атқарыўшысы», «Ең жақсы қосық атқарыўшысы» сыяқлы номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Мавзолей қасында илаж қатнасыўшыларына фольклор халық ҳәм ҳәўескер жәмәәтлериниң театрластырылған миллий үрп-әдет, дәстүрлерди өзинде сәўлелендирген композициялар ҳәм өнерментлер тәрепинен таярланған көргизбелер қойылды. Атап айтқанда, Шымбай районлық мәденият бөлиминиң «Шарқыраўық», Әмиўдәрья районының «Халық ойынлары», Кегейли районының «Аўылда той», Тахтакөпир районының «Аўыл кеши», Қараөзек районының «Айдар той» композициялары жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Фестиваль шеңберинде белгили көркем өнер шеберлериниң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, «Ниҳол» ҳәм «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауретлары, жас эсрада қосықшыларының атқарыўында гала концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қуяш өз уясына батып, әтирапқа қараңғы түсип, ортаға от жағылып, Шымбай халқының көптен күткен «Қур» мәдений илажы басланды.

Онда миллий көркем өнеримиздиң әзелий қәдирятлары және бир мәрте жаңлады…

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўыт Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Полат Айтмуратов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги