«И.Б.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң Ташкент қаласындағы филиалына 2018-2019-оқыў жылы ушын қабыллаў ҳаққында»ғы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық, 2018-2019-оқыў жылы ушын филиал бакалавриат басқышына ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша 250 студент қабыл етиўи белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги