Елимизде боянды жетистириў, оның тамырынан экстракт ислеп шығарыў бойынша қызғын жумыслар жүрип атыр. Буннан былай боянтамырды шийкизат түринде емес, ал таяр өним сыпатында экспортқа шығарыў жолға қойылмақта. Боян жетистириў ҳәм боянтамырды қайта ислеў бойынша көплеп инвестициялар кирип келип атыр. Буның бәри ийгиликли ислер, әлбетте. Бирақ…

Ҳәммеге мәлим, көпшилик фирмалар боянтамырды жергиликли халықтан арзан баҳада сатып алады да, шет мәмлекетлерге қымбатына пулламақта. Ал, боянтамыр жыйнаў менен шуғылланыўшы айырым пуқаралар нызамсыз түрде ҳәрекетлер ислемекте.

Мәселен, көп жағдайда олар жап-салма, каналлардың бойындағы боянларды экскаватор менен қопарып таслайды. Бул мәмлекетке, тәбиятқа үлкен зыян келтиреди.

Себеби, бириншиден, жап-салма, каналлардың жағаларын дамбалаў ушын мәмлекет бюджетинен ҳәр жылы миллиардлап пул ажыратылады. Ал, боянтамыр жыйнаўшылар болса, сол дамбаларды бузып атады. Екиншиден, боян қазып алынды ма, дәрҳал орнына оның туқымы егилиўи керек. Ал, бизде көпшилик жағдайда боян бийтәртип түрде қопарып алынады да, изин ҳәттеки тегислеместен кетип қалады.

Егер усы тақылетте даўам ете беретуғын болса, боян сыяқлы тәбият топырағымызға инам еткен бийбаҳа байлықтан айрылып қалыўымыз ҳеш гәп емес.

Сонлықтан, тәбият берген байлыққа аңлы рәўиште қатнас жасап, оны талан-тараж етиўдиң алдын алайық.

 

Абдиғаний Уснаддинов